Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан Президенти Қазақстан Президенти менен телефон арқалы сөйлести
2022-01-06 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев арасында телефон арқалы сөйлесиў болып өтти.
Сөйлесиўде мәмлекет басшылары Қазақстандағы жағдайдың раўажланыўы, республикадағы жағдайды турақлыластырыў, тез ўақыт ишинде тынышлық ҳәм татыўлықты қайта тиклеў бойынша көрилип атырған илажлар бойынша пикир алысты.
Өзбекстан жетекшиси Қазақстанның дос халқы ҳәм басшылығын олардың мәмлекет турақлылығы ҳәм абаданлығын тәмийинлеў жолындағы ҳәрекетлеринде бәрқулла қоллап-қуўатлайтуғынын және бир мәрте тастыйықлады.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги