Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан халқына Жаңа жыл қутлықлаўы
2021-12-31 | Сиясат
Әзиз ҳәм ҳүрметли ўатанласлар!
Сиз, әзизлерди, көп миллетли пүткил халқымызды, Жаңа – 2022-жыл менен шын жүректен қутлықлайман. Усы қуўанышлы мәўритлерде бәршеңизге тынышлық-парахатшылық, беккем денсаўлық, бахыт-ығбал тилеймен!
Бүгин, Жаңа жыл босағасында турып, өтип баратырған жылдан разы болсақ, Жаратқанға ҳәр қанша шүкирлик етсек, арзыйды.
«Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы» турмысымызда жарқын из қалдырмақта. Жыл даўамында сизлер менен бирге үлкен жумысларды әмелге асырдық.
Пандемия ҳәм глобаллық дағдарысқа қарамастан, елимизде жоқары экономикалық өсиў тәмийинленди. Көплеген кәрханалар, кластер ҳәм технопарклер, заманагөй инфраструктуралық тармақлар қурылды.
Жаңа турақ жайлар, бақша ҳәм мектеплер, жоқары оқыў орынлары ҳәм емлеўханалар, мәденият ҳәм спорт объектлери пайдаланыўға тапсырылмақта.
Исбилерменлик ҳәрекети, соның ишинде, ҳаял-қызлар ҳәм жаслар исбилерменлиги жедел раўажланбақта.
Дийқан ҳәм фермерлеримиз пидайы мийнет етип, быйыл да мол зүрәәт жетистирди.
Қала ҳәм аўылларымыз абат болып, Жаңа Өзбекстанның бийтәкирар келбети қәлиплеспекте.
Билимли ҳәм ғайратлы жасларымыз үлкен табыслары менен халқымызды және де қуўанышқа бөлемекте. Елимиздиң халықаралық абыройы күн сайын артпақта. Пурсаттан пайдаланып, сырт елли шериклеримизди, сырт мәмлекетлердиң халықларын Жаңа жыл менен қутлықлап, олардың бәршесине тынышлық ҳәм раўажланыў тилеймиз.
Әзиз дослар!
Елимизде кең көлемли реформаларымыз турақлы даўам етпекте.
Оларды буннан былай да раўажландырыў мақсетинде биз Жаңа Өзбекстанның Раўажланыў стратегиясын ислеп шықтық.
Усы тийкарда «Инсан қәдири ушын» деген уллы идеяны әмелге асырамыз.
Биз жаңа жылға атама бериўде, кең жәмийетшиликтиң пикирлерин үйрендик. Әне сол усыныслардан келип шығып, мен Жаңа – 2022-жылды елимизде «Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле жылы» деп жәриялаўды усыныс етемен.
Инсан қәдирин улығлаў – елимизде жасап атырған ҳәр бир адамның ҳуқық ҳәм еркинликлерин, нызамлы мәплерин тәмийинлеў болып есапланады.
Бул бағдарда жәмийетимиздиң тийкары болған мәҳәлле шешиўши орын тутады.
Мәҳәлле тыныш болса, ел тыныш болады.
Мәҳәлле абат болса, мәмлекет абат болады.
Сонлықтан, буннан кейин ҳәр бир мәҳәлледе нәтийжели ис жүргизиў жумысларымыздың баслы өлшемине айланады.
Бийбаҳа байлығымыз болған тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеўге үлкен әҳмийет қаратамыз.
2022-жылы экономикамыз тармақларын ҳәм исбилерменликти раўажландырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў дыққатымыз орайында болады.
Халықтың дәраматларын көбейтиў, мийнет ҳақы, пенсия, стипендия ҳәм напақалар муғдарын арттырыўға қаратылған әҳмийетли жумысларды даўам еттиремиз.
Социаллық тараўлар, әсиресе, денсаўлықты сақлаў, тәлим-тәрбия ҳәм илимди раўажландырыўға барлық ресурслар қаратылады.
Ҳүрметли урыс ҳәм мийнет ветеранларын, әзиз ҳаял-қызларымыз бенен жасларымызды қоллап-қуўатлаў, жәрдемге мүтәж инсанларға ғамқорлық көрсетиўге айрықша итибар беремиз.
Елимизди және де абат етиў, заманагөй турақ жайлар, соның ишинде, барлық аймақларымызда «Жаңа Өзбекстан массивлери»н қурыў тийкарғы ўазыйпаларымыздан бири болады.
Халқымыздың турмысы және де абадан ҳәм мазмунлы болыўы ушын бар күш ҳәм имканиятларымызды қаратамыз, деп исендирип айтаман.
Әзиз ҳәм қәдирли ўатанласларым!
Бәршеңизди Жаңа – 2022-жыл менен және бир мәрте шын жүрегимнен қутлықлайман!
Жаңа жылымыз қутлы ҳәм берекетли келсин!
Жасы үлкенлердиң өмирин, жасларымыздың камалын берсин!
Гөззал ҳаял-қызларымызға бәрқулла бахыт-ығбал яр болсын!
Елимиз тыныш, халқымыз аман болсын!
Жаңа жыл бәршемизге мүбәрек болсын!
Шавкат Мирзиёев,
Өзбекстан Республикасы Президенти.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги