Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Кадастр тараўындағы жумыслар талланды

2021-12-22 | Жәмийет

Президент Шавкат Мирзиёев 21-декабрь күни жер есабы ҳәм мәмлекет кадастрларын қәлиплестириў, тараўға санлы технологияларды енгизиў мәселелери бойынша мәжилис өткерди.

Мәмлекетимизде жерди қәстерлеп сақлаў, әдил  ажыратыў ҳәм оннан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша системалы жумыслар исленбекте. Быйылғы жылы аўыллық жерлерди ашық таңлаў тийкарында ажыратыў, аўыл хожалығына мөлшерленбеген орынларды аукцион арқалы меншиклестириў ҳаққында нызам қабыл етилди.

2020-жыл 7-сентябрьде «Жер есабы ҳәм мәмлекет кадастрларын жүргизиў системасын түп-тийкарынан жетилистириў  илажлары ҳаққында» Президент пәрманына қол қойылған еди. Оған муўапық, Өзбекстан Республикасы  Мәмлекетлик салық комитети жанында Кадастр агентлиги шөлкемлестирилди. Пәрманда көплеген жаңалықлар қатарында мәмлекет кадастрлары объектлерин хатлаўдан өткериў ҳәм Миллий геомәлимлеме системасына киргизиў ўазыйпасы да белгиленди.

Солай етип, Өзбекстан тарийхында биринши мәрте аўыл хожалығы жерлери жалпы хатлаўдан өткерилмекте. Бүгинги күнге шекем 23 миллион гектар аўыллық жерлердиң электрон карталары жаратылды. Соннан 22 миллион гектары мәмлекетлик дизимнен өткерилди.

Алдын есапқа алынбаған 412 мың көшпес мүлк кадастр базасына киргизилди, 478 мың объектте қосымша қурылмалар анықланып, кадастр баҳасы қайта көрип шығылды.

Соның менен бирге, хатлаўда көплеген кәтеликлер де жүзеге шықпақта. Мысал ушын, электрон есапқа алынып атырған аўыл хожалығы жерлери қағазда келинген Жер фонды есабаты менен парықланбақта.

Буннан тысқары, жол, электр, газ тәмийнаты, суў хожалығы, абаданластырыў объектлери, көп қабатлы жайларға тутас аймақлар кадастрында да көплеген машқалалар бар.

Булар исленетуғын жумыслар еле көп екенлигин көрсетеди.

Сонлықтан мәжилисте гезектеги әҳмийетли ўазыйпалар  белгиленди.

Бәринен бурын, аўыл хожалығы жерлерин есапқа алыў жумысларын келеси жылдың 1-апрелине шекем жуўмақлаў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Буның ушын аўыл хожалығы жер балансындағы 2 миллион 700 мың гектар майданның категориясын анықлаў зәрүр.

Келеси жылы халыққа ижараға берилетуғын 80 мың гектар жерди мәмлекетлик дизимнен өткерип, кейин таңлаўға шығарыў ўазыйпасы қойылады.

Аймақларда аўыл хожалығына мөлшерленбеген жерлер де көп, олардан да нәтийжели пайдаланыў зәрүр. Мәселен, тоғай хожалығы мәмлекетлик  комитетиниң қарамағында 10 миллион гектардан аслам, суў хожалығы министрлиги системасында 820 мың гектар, автомобиль жоллары әтирапында 450 мың гектар жер бар. Сондай-ақ, 3 миллион 300 мың гектар жер ҳәкимликлердиң резервинде турыпты.

Мәмлекетимиз басшысы бул жерлердиң электрон  картасын дүзиў ҳәм мәмлекетлик мүлк сыпатында дизимнен өткериў  керек екенлигин атап өтти.

Ишки жоллар ҳәм көп қабатлы жайларға тутас аймақларды турақлы пайдаланыўға ажыратыў мүмкин екенлиги атап өтилди.

Және бир машқала – жер балансында халықтың жасаў майданлары 223 мың гектар болса да, әмелде 1 миллион гектардан артып кеткен. Сонлықтан, бундай көшпес мүлк объектлерин хатлаўдан өткерип, оның нәтийжеси бойынша электрон карта дүзиў және халық ушын ашық онлайн платформаға жайластырыў ўазыйпасы қойылды.

Кадастр уйымларының шараятларын жақсылаў, үскенелерин жаңалаў бойынша да тапсырмалар берилди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться