Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан ҳәм АҚШ стратегиялық шериклик қарым-қатнасты жолға қойды
2021-12-13 | Сиясат
Ташкент қаласында 13-декабрь күни Өзбекстан Республикасы менен Америка Қурама Штатлары арасында Стратегиялық шериклик қарым-қатнасықтың биринши мәжилиси болып өтти.
Тәреплер делегацияларына Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри Абдулазиз Комилов ҳәм АҚШ Мәмлекетлик хаткериниң Қубла ҳәм Орайлық Азия ислери бойынша жәрдемшиси Дональд Лу басшылық етти.
Дәслеп Абдулазиз Комилов ҳәм Дональд Лудың қатнасыўында өткен тар шеңбердеги сөйлесиўде еки тәреплеме бирге ислесиў, сондай-ақ, халықаралық ҳәм регионаллық сиясаттың әҳмийетли мәселелери көрип шығылды. Тәреплер өз-ара ҳүрмет ҳәм бир-бириниң мәпин есапқа алыў принципине тийкарланған конструктивлик сөйлесиўди жеделлестириў зәрүр екенлигин мақуллады.
АҚШ тәрепи жаңа Өзбекстанда алып барылып атырған демократиялық өзгерислер ҳәм социаллық-экономикалық реформалар бағдарламасын қоллап-қуўатланыўын мәлим етти.
Қурама штатлардың ўәкили Өзбекстанның Аўғанстан халқына жәрдем бериў ҳәм түрли тараўлардағы жойбарларды алға қойыў бағдарындағы ҳәрекетине жоқары баҳа берди.
– Еки мәмлекет ушын да нәтийжели жаңа форматтағы бирге ислесиўди жолға қойыў процесинде қатнасыў мен ушын үлкен мақтаныш, – деди Лу мырза. – АҚШ ҳүкимети Өзбекстанда экономиканы либералластырыў, инсан ҳуқықлары менен еркинлигин қорғаў, демократиялық институтлар ҳәм пуқаралық жәмийетин раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларды белсене қоллап-қуўатлаўға таяр екенлигин мәлим етемен. Исенемен, басланған стратегиялық шериклик қарым-қатнасты өз-ара байланыслар және де беккемлениўине хызмет етеди.
Мәмлекетимиз министрликлери, уйымларының басшылары ҳәм АҚШ делегациясының ағзалары қатнасқан кеңейтилген мәжилис даўамында сиясат ҳәм дипломатия, экономика ҳәм раўажланыў, қәўипсизлик, инсан өлшеми, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа бағдарлардағы еки тәреплеме және регионаллық бирге ислесиў, сондай-ақ, халықаралық шөлкемлер, финанс институтлары шеңбериндеги қатнасық бойынша толық пикир алысылды.
– Бүгинги ушырасыў тарийхый әҳмийетке ийе, себеби бул АҚШ ҳәм Өзбекстан арасындағы биринши стартегиялық шериклик сөйлесиўи, – деди Америка Қурама Штатларының мәмлекетимиздеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Дениэль Розенблюм. – Мәжилисте экономика, қәўипсизлик, еки мәмлекет арасындағы саўда инвестициясын арттырыў, инсанийлық өлшем, яғный инсан ҳуқықы сыяқлы еки мәмлекет ушын да пайдалы мәселелер додаланбақта. Президент Шавкат Мирзиёев баслаған жедел реформаларды қоллап-қуўатлаўда АҚШ тәрепи қандай жәрдем бериўи мүмкин екенлиги де әҳмйетли. Улыўма, сөйлесиў процесинде барлық әҳмийетли мәселелер бойынша нәтийжели пикир-усыныслар күтиледи, додалаўлар алып барылады.
АҚШтың Өзбекстан Республикасының ғәрезсизлиги, суверенитети ҳәм аймақлық пүтинлигин қоллап-қуўатлаў бағдарындағы турақлы ҳәм исенимли позициясы және бир мәрте тастыйықланды.
Тәреплер «С5+1» механизми шеңбериндеги бирге ислесиўди жеделлестириў, бул форматты жоқары нәтийжели дережеге алып шығыў зәрүр екенлигин атап өтти.
Делегациялар терроризм ҳәм экстремизм қәўпине қарсы гүресиў, Аўғанстанда тынышлық процесин алға қойыў, мәмлекетти келиспеўшиликтен кейинги тиклеў ҳәм аўған халқына гуманитарлық жәрдем көрсетиўге қаратылған биргеликтеги ҳәрекетти даўам еттириўге келисип алды.
Өзбекстан – АҚШ стратегиялық шерикликти анық бағдарлар бойынша институционалластырыў, сондай-ақ, Инвестицияларды өз-ара қорғаў және Еки тәреплеме салыққа тартыўдан қашыў ҳаққында Келисимлер дүзиў бойынша сөйлесиў процесин баслаў усынысы билдирилди.
– Бүгин еки тәреплеме күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер бойынша конструктивлик пикир алысылды. Өткерилген сөйлесиўлер өз-ара ҳүрмет ҳәм исенимге тийкарланған бирге ислесиўимиз стратегиялық әҳмийетке ийе екенин және бир мәрте тастыйықлады, – деди Өзбекстан сыртқы ислер министри Абдулазиз Комилов. – Дүньядағы аўыр эпидемиологиялық жағдайға қармастан, бул ушырасыўды өткериў ҳаққында қарарға келиўи тәреплердиң турақлы ҳәм тығыз сөйлесиўди даўам еттириўден қанаатланарлы екенлигин аңлатады. Бүгинги ушырасыўдың нәтийжеси, бирге ислесиўдиң жоқары дәрежесин сақлаў ҳәм қатнасықлардың раўажланыў пәтин және де арттырыўдан ҳәр еки мәмлекет делегацияларының мәпдарлығын көрсетти.
Илаж жуўмағында Стратегиялық шериклик қарым-қатнасығының биринши мәжилисиниң жуўмақлары бойынша биргеликтеги билдириў қабыл етилди.
Ғ.ХОННАЗАРОВ
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги