Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан Республикасы Президенти Евразия экономикалық аўқамының саммитинде қатнасты
2021-12-10 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 10-декабрь күни Жоқары Евразия экономикалық кеңесиниң видеоконференция тәризинде өткен гезектеги мәжилисинде қатнасты.
Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың басшылығында өткен саммитте Кеңестиң Ҳүрметли басшысы, Қазақстан Республикасының Биринши Президенти – Елбасы Нурсултан Назарбаев, Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин, Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Армения Республикасының Бас министри Никол Пашинян, ЕАЭА жанындағы бақлаўшы мәмлекет – Куба Республикасы Президенти Мигель Бермудес ҳәм Евразия экономикалық комиссиясы Коллегиясыңың баслығы Михаил Мясникович қатнасты.
Мәжилис күн тәртибинен ЕАЭА мәканында өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў ҳәм интеграция процесслерин тереңлестириў, соның ишинде, экономика, саўда, санаат, транспорт, бажыхана ҳәкимшилиги, санластырыў ҳәм басқа да бағдарларда әмелий шерикликти кеңейтиў мәселелери орын алды.
Өзбекстан Президенти өзиниң шығып сөйлеген сөзинде бурын Қазақстанның ЕАЭАдағы басшылығы табыслы болғанын ҳәм оның басламасы менен Бирлеспе шеңберинде әҳмийетли қарарлар қабыл етилгенин атап өтип, Қазақстан мәмлекетимиз ҳәм Шөлкем арасындағы конструктивлик бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылған қоспа илажларды қоллап-қуўатлап атырғанын айрықша атап өтти.
Өзбекстан ЕАЭА жумысында бақлаўшы мәмлекет сыпатындағы қатнасыўын баслағанынан өткен бир жыл даўамында үш жыллық Илажлар режеси шеңберинде Бирлеспениң түрли уйымлары, бәринен бурын, Евразия экономикалық комиссиясы (ЕЭК) менен нәтийжели бирге ислесиў жолға қойылғаны атап өтилди.
Миллий нызамшылықты ЕАЭА нормаларына, биринши гезекте стандартластырыў ҳәм сыртқы саўданы тарифсиз тәртипке салыў тараўларында жақынластырыў жумыслары избе-из даўам етпекте. Мәмлекетимиз «COVIDсиз саяхат етемен» санлы платформасына жалғанды. Евразия раўажланыў банкине қосылыў процеси басланды.
Бүгинги дәўирдиң қыйыншылықларына қарамастан, қыйын шараятларға бейимлесиў ҳәм жаңа «өсиў ноқатлары»н табыўға муўапық болып атырғаны атап өтилди. Атап айтқанда, Өзбекстанның Шөлкем мәмлекетлери менен товар алмасыў көлеми усы жылдың басынан 30 процентке, 2019-жылға салыстырғанда 11 процентке артты.
Президентимиз қоспа қарарлар қабыл етиўди талап етип атырған ең әҳмийетли ўазыйпаларды көрсетип өтти.
Экономикалық байланысларды турақлы раўажландырыў ушын көзқарасларды буннан былай да муўапықластырыў зәрүр екенин атап өтип, Өзбекстан жетекшиси өз-ара саўдада тосқынлық ҳәм шеклеўлерди сапластырыў әҳмийетли екенин атап өтти. Усы мүнәсибет пенен елимиз ЕАЭА мәмлекетлери менен товар алмасыўды көбейтиў ушын ең қолайлы шараятлар жаратыў бағдарындағы қатнаслар менен механизмлерди биргеликте ислеп шығыўға таяр екенлиги билдирилди.
Мәмлекетимиз басшысы санаат кооперациясын беккемлеўдиң айрықша әҳмийетин және бир мәрте атап өтип, бул бағдарда, соның ишинде, Шөлкем шеңберинде Индустриалластырыў онлайн картасын жаратыўда қатнасыў арқалы бирге ислесиўди системалы тәризде жолға қойыў усынысын алға қойды.
Президентимиз жаңа транспорт коридорын жаратыўға қаратылған, мәмлекетлеримиз транзит потенциалын арттырыўға хызмет ететуғын жойбарларды буннан былай да жеделирек алға қойыўға шақырды.
Өзбекстан жүк тасыўларын бақлаў ушын навигация тамғаларын енгизиў бағдарламасына қосылыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. ЕАЭА логистика шынжырларын раўажландырыў санлы экосистемасын жаратыў ҳаққындағы баслама қоллап-қуўатланды.
Қатнасыўшылардың итибары глобаллық климат күн тәртибин есапқа алған ҳалда «жасыл» энергетика жойбарларын әмелге асырыў бағдарындағы ҳәрекетлерин бирлестириў зәрүр екенлигине қаратылды. Усы мүнәсибет пенен мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан жоқары дәрежедеги Жумысшы топардың жумысында қатнасыўға таяр екенин билдирди ҳәм оның шеңберинде «жасыл» раўажланыў тараўында Илажлар режесин тастыйықлаўды усыныс етти.
IT тараўында тәжирийбе алмасыў ҳәм исбилерменлик байланысларын раўажландырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди ҳәм усы мүнәсибет пенен гезектеги Евразия санлы форумын Өзбекстанда өткериў басламасы алға қойылды.
Бақлаўшы мәмлекетлерди Евразия мәканындағы әҳмийетли басламалар ҳәм кооперация бағдарламаларын әмелге асырыўға және де жедел тартыў, сондай-ақ, илимий-техникалық ҳәм гуманитарлық алмасыўларды хошаметлеў зәрүр екени атап өтилди. Усы мақсетте мәмлекетимиз басшысы ЕАЭА Раўажланыў орайы имканиятларынан пайдаланыўды ҳәм бақлаўшы мәмлекетлердиң Кеңес ҳәм ЕЭК уйымларының жумысында қатнасыўын усыныс етти.
Президентимиз шығып сөйлеген сөзиниң жуўмағында Өзбекстанның Евразия экономикалық аўқамы мәмлекетлери менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўди беккемлеўге умтылысы исенимли екенин және бир мәрте тастыйықлады.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги