Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан Президенти Қырғызстан Президентин қутлықлады
2021-12-06 | Сиясат
Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев 6-декабрь күни Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров пенен телефон арқалы сөйлести.
Мәмлекетимиз басшысы Қырғызстан Президентин туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық, абаданлық ҳәм үлкен табыслар, дос қырғыз халқына тынышлық-татыўлық ҳәм раўажланыў тиледи.
Жетекшилер Өзбекстан ҳәм Қырғызстан арасындағы көп әсирлик дослық ҳәм жақсы қоңсышылық байланысларына тийкарланған стратегиялық шериклик қатнасықларының избе-из беккемленип баратырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
Ҳәр қыйлы дәрежелердеги конструктивлик сөйлесиў ҳәм пикир алмасыўларды даўам еттириў, товар алмасыў көлемин арттырыў, машина қурылысы, энергетика ҳәм электротехника тармақлары, аўыл хожалығы, фармацевтика ҳәм басқа да тармақларда әҳмийетли кооперация жойбарларын биргеликте әмелге асырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Бизнес ҳәм аймақлар дәрежесинде әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў, мәдений-гуманитарлық бағдарламларды әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.
Халықаралық ҳәм регионаллық күн тәртиби бойынша да пикир алысылды.
Телефон арқалы сөйлесиў әдеттегидей жыллы, шын кеўилден ҳәм дослық руўхында болып өтти.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги