Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан Республикасы Президенти Россия Федерациясы делегациясын қабыл етти

2021-12-02 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 1-декабрь күни мәмлекетимизде әмелий сапар менен болып турған Россия Федерациясы Федерал қәўипсизлик хызметиниң директоры Александр Бортниковты қабыл етти.

Ушырасыў алдынан Александр Бортников мәмлекетимиз басшысына Россия Президенти Владимир Путинниң сәлеми ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

Өзбекстан – Россия стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды. Усы жылы 19-ноябрь күни Москва қаласында өткен жоқары дәрежедеги еки тәреплеме ушырасыўдың табыслы нәтийжелери жоқары баҳаланды.

Қәўипсизликке заманагөй абай етиўлер, соның ишинде, терроризм, экстремизм, шөлкемлескен жынаятшылық, кибержынаятлар, наркотрафик ҳәм басқа да қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўде еки мәмлекеттиң ўәкилликли уйымлары арасындағы турақлы байланысларды даўам еттириў ҳәм әмелий бирге ислесиўди раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды.

Аўғанстанда жүзеге келип атырған жағдайдан келип шығып региондағы жағдай бойынша да пикир алысылды.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться