Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан делегациясы Душанбеда бирге ислесиў форумында қатнасты
2021-12-01 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри Абдулазиз Комиловтың басшылығындағы делегация Тәжикстан пайтахты Душанбе қаласында болып өткен «Корея Республикасы – Орайлық Азия» 14-бирге ислесиў форумында қатнасты.
Әнжуманда климат өзгериўине қарсы гүресиў, жасыл экономика, углерод нейтраллығын тәмиийнлеў, денсаўлықты сақлаў ҳәм санластырыў тараўларында өз-ара бирге ислесиўди және де раўажландырыў перспективасы додаланды.
Илажда шығып сөйлеген А.Комилов күн тәртибиндеги тийкарғы мәселелер бойынша мәмлекетемиздиң көзқарасын атап өтти. Атап айтқанда, климат машқалаларына қарсы гүресиў тараўында Өзбекстан тәрепи «жасыл» күн тәртибин алға қойыў ҳәм климаттың өзгериў процесин тежеў бойынша халықаралық ҳәрекетлерде белсене қатнасыўға таяр екенлигин мәлим етти. Регион экономикасының углерод нейтраллығына ерисиў бойынша келисилген илажларды ислеп шығыў усынысы билдирилди.
Пандемияға қарсы гүресиў, соның ишинде, вакцина ислеп шығарыў, шаншылыў ушын ҳәммеге бирдей қолайлы шараят жаратыў, вакцинаны әдил түрде бөлистириў ҳәм шаншыў сертификатларының тән алыныўын тәмийинлеў процесин избе-из муўапықластырыўда даўам етиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Санластырыў тараўында тәжирийбе алмасыў ҳәм инновациялық қолланбаларды алмасыў ушын экспертлер ҳәм мәлимлеме технологияларының қәнигелери ушын турақлы платформа жаратыў мақсетке муўапық екенлиги атап өтилди.
2022-жыл Корея Республикасы ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанына 30 жыл толатуғынын инабатқа алып, бул әҳмийетли сәнени биргеликте кеңнен белгилеў бағдарламасын ислеп шығыў усыныс етилди.
Форумның жуўмағы бойынша Биргеликтеги билдириў қабыл етилди.
Сол күни Өзбекстан сыртқы ислер министри Абдулазиз Комилов Корея Республикасы сыртқы ислер министри Чон Ий Ён менен ушырасыў өткерди. Еки тәреплеме қатнасықтың әҳмийетли тәреплери, жоқары дәрежедеги болажақ илажлардың кестеси көрип шығылды.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги