Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Гидроэнергетика тараўындағы жойбарлар көрип шығылды

2021-12-01 | Жәмийет

Президент Шавкат Мирзиёев  30-ноябрь күни гидроэнергетика тараўындағы жойбарларға  байланыслы презентация менен танысты.

Мәмлекетимизде энергетика тараўы кең көлемекте раўажландырылмақта. Нефть, газ сыяқлы углеводлар менен шекленип қалмастан, қуяш, самал ҳәм суўдан электр энергиясын алыў объектлери қурылмақта.

Атап айтқанда,  2017-жылы Президент пәрманы менен «Өзбекгидроэнерго» акциянерлик жәмийети шөлкемлестирилген еди. Өткен дәўирде 11 жаңа гидро электр станциясы қурылып, 8 и модернизация етилди. Нәтийжеде 244 мегаваттлық қосымша қуўатлылық жаратылды. 

Бирақ, елимиздиң гидроэнергетика потенциалы  тек 50 процент иске қосылған. Атап айтқанда, келеси жылы  170 мегаваттлы 7,  2023-2024-жылларда 150 мегаваттлы 12 және  2025-2026-жылларда  420 мегаваттлы 2 жойбарды әмелге асырыў режелестирилген.

Презентацияда бул объектлерди сапалы қурыў ҳәм турақлы ислеўин тәмийинлеў бойынша көрсетпелер берилди.

Мәмлекетимиз басшысы бөгет  талап етилмейтуғын киши гидростанциялар қурыў мәселесине айрықша итибар қаратып, буған жеке меншик секторды тартыў керек екенлигин атап өтти.

Бүгинги күнде 22 усындай перспективалы майдан дизими қәлиплестирилген. Оларда қуўатлылығы 5 мегавватқа шекемги мини гидро электр станциялар қурыў бойынша тендер жәрияланыўы белгиленди.

Сондай-ақ, Норин, Сўх, Танхоз, Ақ булақ, Угам сыяқлы дарьялар ҳәм каналларда 500 киловаттқа шекемги қуўатлылыққа ийе ықшам гидростанциялар орнатыў имканияты бар. Илажда атап өтилгениндей, бундай жерлердиң дизими халық ҳәм исбилерменлерге жәрияланады. Бунда қуяш, самал электр станцияларын орнатқаны ушын  халық ҳәм исбилерменлерге қандай  жеңилликлер берилген болса, киши гидростанциялар ушын да усындай жеңилликлер ҳәм субсидиялар қолланылатуғыны айтылды. Гидрообъектлерди ислетиў ушын тәжирийбели қәнигелер таярлаў мәселесине де тоқтап өтилди. Техника, ирригация ҳәм архитектура бағдарындағы жоқары оқыў орынларында буған айрықша әҳмийет қаратыў, оларда қурылыс және гидравликалық лабораториялар шөлкемлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться