Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Медицина орайларының жойбарлары презентация етилди

2021-11-30 | Сиясат

Президент  Шавкат Мирзиёев  29-ноябрь күни онкология ҳәм эндокринология медицина орайларының қурылысына байланыслы жойбарлардың презентациясы менен танысты.

Бул еки бағдар инсан өмири, турмыс сапасы, генофонд саламатлығын белгилейтуғын әҳмийетли тараўлар болып есапланады. Емлеўханаларға мүрәжатлар ҳәм орынларда өткерилген медициналық тексериўлер талланғанда бундай кеселликлер көп ушырасып атырғанын көрсеткен. Бул бағдардағы республикалық орайлардың имаратлары да ескирген еди. 

Жағдай менен турақлы танысыў мақсетинде мәмлекетемиз басшысы усы жылдың май айында Республикалық қәнигелестирилген онкология ҳәм радиология илимий-әмелий медицина орайын барып көрген еди. Соннан келип шығып,  27-май күни Президенттиң «Халыққа гематология ҳәм онкология хызметлерин көрсетиў системасын  және де жетилистириў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Онда Республикалық онкология ҳәм радиология медицина орайы ушын жаңа заманагөй имаратлардың қурылысы  ҳәм үскенелеў белгиленген еди.

Соңынан, сырт ел клиникалардың алдынғы тәжирийбеси, шыпакер ҳәм наўқаслар ушын барлық шараятлар есапқа алынып, жойбар  ислеп шығылды. Алдынғы презентацияларда билдирилген пикирлер тийкарында  ол және де жетистирилди.

Жаңа имарат  10 қабатлы болады. 3 қабатлы жер асты бөлегинде радиология ҳәм нур терапия, пазитрон-эмиссиялық томография, радиоизотоплық тексериў сыяқлы бөлимлер жайластырылады.  Орайда иммунотерапия, таргет терапия, сызықлы тезлеткиш жәрдеминде ҳәм стереотоксикалық нур терапия, радиохирургия сыяқлы жаңа емлеў усыллары енгизиледи. Бул жаңа имарат Ташкент медицина академиясының 2-клиникасы аймағында қурылады. 

Елимиздеги үлкен илимий, диагностикалық ҳәм емлеў потенциалына ийе мәкемелерден және бири Республикалық қәнигелестирилген эндокринология илимий-әмелий медицина орайы болып есапланады. Онда 288 орынлық стационар бөлим ҳәм  250 адамға   мөлшерленген мәсләҳәт-диагностика клиникасы бар. Орайдың ҳәзирги имараты 1974-жылда қурылған, материаллық-техникалық базасы ескирген.

Сонлықтан, бул мәкеме ушын Ташкент медицина академиясының  1-клиникасы негизинде жаңа комплекс қурыў режелестирилген. Бул орайдың шараятларын жақсылап, хызметлердиң түрин кеңейтеди. Атап айтқанда, бүгинги күнде эндокринология орайында 14 бөлим болса, жаңа комплексте және 14 бөлим ашыў ушын имканият жаратылады.

Президент қурылыс жойбарларын мақуллап, енди жумыс системасын дурыс жолға қойыў ҳәм медициналық хызмет сапасына итибар қаратыў керек екенлигин атап өтти.  Орайларға сырт елден қәнигелер тартыў, шыпакерлерди жәҳән медицинасының жетискенликлери тийкарында қайта оқытыў, илимий изертлеўлерди хошаметлеў бойынша көрсетпелер берилди. Бул республикалық орайларды қурыў  менен бирге аймақлардағы диспансер ҳәм поликлиникаларда шараятларды жақсылаў, заманагөй диагноз үскенелерин жеткерип бериў, шыпакерлердиң тәжирийбесин арттырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. 

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться