Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан Республикасы Президенти Европа Аўқамы делегациясын қабыл етти
2021-11-26 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 25-нобрь күни Европа Аўқамының Европа комиссиясы вице-президенти Маргаритис Схинас басшылығындағы делегацияны қабыл етти.
Ушырасыў алдынан ЕАның жоқары дәрежедеги ўәкили мәмлекетимиз басшысына Европа кеңесиниң баслығы Шарль Мишель ҳәм Европа комиссиясының баслығы Урсула фон дер Ляйенниң сәлеми менен жақсы тилеклерин жеткерди.
Өзбекстан ҳәм ЕА арасындағы көп қырлы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.
Еки тәреплеме сөйлесиўлер, соның ишинде, экономика, нызам үстинлиги, демократиялық жаңаланыўлар, инсан ҳуқықлары, қәўипсизлик ҳәм басқа да тийкарғы бағдарларда бирге ислесиў жеделлескени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Усы айда «Өзбекстан – ЕА» бирге ислесиў кеңесиниң гезектеги мәжилиси табыслы өткерилди.
Өз-ара саўда көлеми жедел артпақта, Европа жетекши компанияларының алдынғы тәжирийбеси ҳәм технологияларын тартқан ҳалда ири инвестициялық жойбарлар үстинде жумыс алып бармақта.
Билимлендириў, қәўипсизлик тараўларында, терроризм ҳәм наркотрафикке қарсы гүресиў бағдарында әҳмийетли қоспа бағдарламалар әмелге асырылмақта.
Өзбекстан ҳәм ЕА арасында кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы келисим бойынша сөйлесиўлерди жуўмақлаў ҳәм оны жақын арада қабыл етиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Регионның күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер бойынша да пикир алысылды.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги