05:23:50 (GMT+5)    14.03.2025

Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
ЯнварьФевральМарт
АпрельМайИюнь
ИюльАвгустСентябрь
ОктябрьНоябрьДекабрь
Календарь

Ўақыялар

Март 2025
Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
12
3456789
10111213141516
17181920212223
24252627282930
31      
Порталда жаңалық

Өзбекстан ҳәм Қазақстан жетекшилери еки тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиў перспективаларын додалады

2021-11-17 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 17-ноябрь күни Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев пенен телефон арқалы сөйлести.

Өзбекстан – Қазақстан стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Әмелий бирге ислесиўди алға қойыў, бәринен бурын, еки тәреплеме товар алмасыў көлемин арттырыў, машина қурылысы, энергетика, аўыл хожалығы, транспорт ҳәм логистика, фармацевтика, тоқымашылық ҳәм азық-аўқат санааты, басқа да тийкарғы бағдарларда узақ мүддетли кооперация жойбарларын таярлаў ҳәм әмелге асырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Буннан тысқары, аймақлараралық байланыслар ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўды жеделлестириў әҳмийетли екени атап өтилди.

Еки мәмлекет ҳүкиметлери тәрепинен өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң жаңа бағдарлары ҳәм анық бағдарламаларының ислеп шығылыўы бойынша келисимге ерисилди.

Мәмлекет басшылары болажақ жоқары дәрежедеги ушырасыўлар режесин де көрип шықты.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться