Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Транспорт инфраструктуралары қурылысының жойбары көрип шығылды

2021-11-16 | Жәмийет

Президент Шавкат Мирзиёев 15-ноябрь күни Ташкент қаласының транспорт инфраструктурасын раўажландырыўға байланыслы жойбарлардың презентациясы менен танысты.

Мәмлекетимиз раўажланған сайын қалалар ҳәр тәреплеме өсип бармақта. Пайтахтымызда да заман талапларынан келип шығып, жаңа жол ҳәм көпирлер қурылмақта, транспорт жөнелислери кеңейтилмекте.

Соңғы жыллары Ташкент қаласында жаңа метро жөнелислери қурылып, халық ушын үлкен қолайлықлар жаратылды. Ташкент метрополитенин және де раўажландырыў мақсетинде «Уллы жипек жолы» бәндиргисинен Ташкент трактор заводы массивине шекем жерасты жолы және жерүсти айланба метросының екинши басқышын әмелге асырыў режелестирилмекте.

Презентацияда бул бағдардағы жойбарлардың усыныслары көрип шығылды. Мәселен, жаңа жерасты жолын Мырза Улығбек көшеси ямаса Уллы жипек жолы көшеси арқалы алып өтиў үстинде исленбекте. Дәслепки есап-санақларға бола, биринши жағдайда жол узынлығы 8,6 километр, күнлик жолаўшылар саны 62 мың болады. Екинши вариантта болса аралық дерлик 8 километр болып, күнине 55 мың адамға хызмет көрсетилиўи мүмкин. Қурылыс жумыслары бес жылға мөлшерленген. Жерүсти метросының екинши басқышы да әҳмийетли жойбар. Оған бола, Қойлық массивинен Сергели жолының 5-бәндиргисине шекем 11 километрден аслам эстакада қурылады. Бәндиргилер санының жетеў болыўы, күнине 38 мың жолаўшы тасылыўы күтилмекте.

Және бир жойбарға бола, Бабур көшесинен Ислам Кәримов атындағы Ташкент халықаралық аэропортына алып баратуғын жол өткели кеңейттирилип, қасында шеңбер түринде айланба көпир қурыў нәзерде тутылған.

Презентацияда бул жойбарлардың техникалық-экономикалық мәселелери додаланып, мәмлекетимиз басшысы жойбарларды қолайлылық, қәўипсизлик ҳәм сапа жағынан жетилистириў бойынша усыныслар берди. 

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться