Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Бағдарламалардың орынланыўын мәҳәллелерде әмелге асырыў ўазыйпа етип қойылды

2021-11-16 | Сиясат

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында  15-ноябрь күни халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди. 

Экономикадағы барлық ҳәрекетлер халық ушын дәрамат орайын жаратыў, кәмбағаллықты қысқартыўға қаратылған. Бул оғада кең көлемли  ўазыйпа болып, социаллық напақа ямаса үй-жай бериў менен өз-өзинен шешилип қалмайды. Бул экономикалық инфраструктура менен бирге инвестиция бағдарлаў, энергия тәмийнатын жақсылаў, билимлендириўди раўажландырыў сыяқлы комплексли илажларды талап етеди.

Шавкат Мирзиёевтиң сайлаўалды ушырасыўларында орынлардағы мүтәжлик ҳәм халық талабынан келип шығып, аймақлық бағдарламалар белгиленген еди. Олар ушын келеси жылда дерлик  75 триллион сум қаржы ажыратылатуғыны режелестирилген. Ендиги әҳмийетли ўазыйпа бул бағдарламаларды мәҳәллеге шекем түсирип, орынланыўын тәмийинлеў болып есапланады.

Мәжилисте усы бағдардағы илажлар додаланды.

Атап айтқанда, келеси жылы шаңарақлық исбилерменлик бағдарламалары, жумыссыз халық ҳәм жасларды кәсип-өнерге оқытыў, хызмет көрсетиў тараўларындағы жойбарларды әмелге асырыў ушын 13 триллион сум  ажыратылатуғыны нәзерде тутылған. 

– Жаңа Өзбекстан дегени, бәринен бурын, жаңаша жасаў керек дегени. Әсиресе, ҳәкимлер өзгериўи керек. Ҳәмме ис-ҳәрекетлер, ажыратылып атырған қаржылар мәҳәлледе өз көринисин таппаса, нәтийже болмайды. Бунда  жумыс орынларын жаратыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў – тийкарғы норма, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Бәнтликти тәмийинлеўде ең үлкен тараўлардан бири – аўыл хожалығы. Келеси жылы пахта ҳәм ғәлледен босайтуғын  80 мың гектар майдан халыққа ажыратылатуғыны белгиленген. Мийўе-овощ жетистириў кластерлерине 2 триллион сум,  усы тараўдағы жойбарларға 100 миллион  доллар, тармақларда  өним жетистириў ушын және  100 миллион доллар қаратылады. Халық қыйтақ жерде  дийқаншылықты жолға қойыў ушын банклер тәрепинен 7 процент ставкада жеңилликли кредитлер бериледи.

Келеси жылы мәмлекет инвестициялық бағдарлама шеңберинде 18 триллион сум муғдарынан аслам 1  мың 700 ге шамалас жойбар, тармақ ҳәм аймақлық инвестициялық бағдарламалары шеңберинде 22 миллиард  долларлық 9 мың жойбар әмелге асырылыўы белгиленген. Олардың нәтийжесинде, сәйкес түрде,  135  мың ҳәм 305 мың жумыс орнын шөлкемлестириў мақсет  етилген.

Президент буннан былай бағдарламалар министрликте емес, мәҳәлледе қәлиплесиўи, оларды ҳәкимлер жәрдемшилериниң өзи «мәҳәлле кесиминде» принципи тийкарында ислеп шығыўы зәрүр екенлигин атап өтти.

Келеси жыл халықаралық финанслық шөлкемлерден тартылған 2 миллиард  200 мың доллар қаржыны өзлестириў  есабынан 109 жойбарды әмелге асырыў режелестирилген. Оның нәтийжесинде 28 мың халықтың бәнтлиги тәмийинленеди.

Мәмлекетимиз басшысы халықаралық финанслық шөлкемлерден тартылатуғын қаржыларды да мәҳәллеге байланыстырыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Мәжилисте ҳәким жәрдемшилериниң жумысын нәтийжели шөлкемлестириў мәселелери де көрип шығылды.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться