Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан Республикасы Президенти Түркий кеңестиң бас хаткерин қабыллады
2021-11-12 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Стамбул қаласына келгеннен кейин, өзине ажыратылған резиденцияда Түркий тиллес мәмлекетлердиң бирге ислесиў кеңесиниң бас хаткери Бағдод Амреевти қабыл етти.
Шөлкем шеңбериндеги көп тәреплеме бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Кеңеске ағза мәмлекетлер арасындағы конструктивлик сөйлесиў жедел раўажланып, әмелий бирге ислесиў кеңейип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Атап айтқанда, соңғы жылларда Өзбекстанның Түркий кеңес мәмлекетлери менен товар алмасыў көлеми еки есеге артты, қоспа кәрхана ҳәм жойбарлардың саны 4 мыңға шамаласты.
Быйылғы жылы мәмлекетимизде Шөлкемниң бир қатар әҳмийетли илажлары, соның ишинде, Хийўа қаласында мәденият министрлери, Қоқанд қаласында туризм министрлериниң ушырасыўлары, Ташкент қаласында жаслар форумы өткерилди.
Өзбекстан жетекшиси пүткил регион турақлылығы ҳәм раўажланыўын тәмийинлеўге қаратылған әҳмийетли жойбар ҳәм бағдарламаларды алға қойыўда Кеңес имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў әҳмийетли екенин айрықша атап өтти.
Ушырасыў даўамында бас хаткер Бағдод Амреев мәмлекетимиз басшысына болажақ саммитке таярлықтың барысы, илаж бағдарламасы ҳәм күн тәртибиндеги мәселелер ҳаққында мағлыўмат берди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги