Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Шавкат Мирзиёев Стамбулға келди
2021-11-12 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Түркий тиллес мәмлекетлердиң бирге ислесиў кеңесиниң саммитинде қатнасыў ушын 11-ноябрь күни Стамбул қаласына келди.
Жоқары мәртебели мийманды Түркияның рәсмий шахслары күтип алды.
Президент Шавкат Мирзиёев Стамбул қаласындағы өзи ушын ажыратылған резиденциясында Түркий тиллес мәмлекетлердиң бирге ислесиў кеңесиниң бас хаткери Бағдод Амреевти қабыл етти.
Шөлкем шеңбериндеги көп тәреплеме бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Кеңеске ағза мәмлекетлер арасындағы конструктивлик сөйлесиў жедел раўажланып, әмелий бирге ислесиў кеңейип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Атап айтқанда, соңғы жылларда Өзбекстанның Түркий кеңес мәмлекетлери менен товар алмасыў көлеми еки есеге артты, қоспа кәрхана ҳәм жойбарлардың саны 4 мыңға шамаласты.
Быйылғы жылы мәмлекетимизде Шөлкемниң бир қатар әҳмийетли илажлары, соның ишинде, Хийўа қаласында мәденият министрлери, Қоқанд қаласында туризм министрлериниң ушырасыўлары, Ташкент қаласында жаслар форумы өткерилди.
Өзбекстан жетекшиси пүткил регион турақлылығы ҳәм раўажланыўын тәмийинлеўге қаратылған әҳмийетли жойбар ҳәм бағдарламаларды алға қойыўда Кеңестиң имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў әҳмийетли екенин айрықша атап өтти.
Ушырасыў даўамында бас хаткер Бағдод Амреев мәмлекетимиз басшысына болажақ саммитке таярлықтың барысы, илаждың бағдарламасы ҳәм күн тәртибиндеги мәселелер ҳаққында мағлыўмат берди.
Өзбекстан терең ойланған, ҳәр тәреплеме теңсалмақлы, бәринен бурын халқымыз ушын пайдалы сыртқы сиясат жүргизбекте. Барлық шерик мәмлекетлер ҳәм халықаралық структуралар менен бирге ислесиўди кеңейтип бармақта.
Олардан бири – Түркий тиллес мәмлекетлердиң бирге ислесиў кеңеси. Бул шөлкем 2009-жылы дүзилген. Мәмлекетимиз оған 2019-жылы қосылған. Кеңестиң тийкарғы мақсети туўысқан мәмлекетлер арасындағы байланысларды беккемлеў, саўда-экономика, транспорт, энергетика, туризм ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы бирге ислесиўди раўажландырыў, тынышлық ҳәм қәўипсизликти беккемлеў бойынша ҳәрекетлерди муўапықластырыў болып есапланады.
Уқсас тил ҳәм бир дин, тарийхый және мәдений байланыслар тийкарында қәлиплескен бул шөлкем регионаллық бирге ислесиўдиң нәтийжели механизмине айланып бармақта. Өзбекстанның қосылғаны оның қамтып алыўын да, потенциалын да арттырды. Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламалары көп тәреплеме бирге ислесиўди әмелий мазмун менен байытты. Қысқа дәўирде мәмлекетимиз басшысы тәрепинен 20 дан аслам усыныслар алға қойылды ҳәм әмелге асырылды.
Атап айтқанда, 2019-жылы октябрьде Ташкентте Түркий тиллес мәмлекетлер Исбилерменлер кеңесиниң мәжилиси ҳәм Инвестициялық форумы өткерилди. 2020-жылы Хийўа қаласына «Түркий дүньяның мәдений пайтахты» статусы берилди. Жас исбилерменлер форумы шөлкемлестирилип, сол жылы сентябрьде Ташкентте оның биринши мәжилиси өткерилди. Сондай-ақ, Кеңеске ағза мәмлекетлердиң жаслар ҳәм спорт мәселелерине жуўапкер министрлердиң мәжилиси де болып өтти.
Өзбекстан Президенти бәрқулла айрықша итибар қаратып киятырған транспорт ҳәм бажыхана тараўында тәртип-қағыйдалар санластырылмақта. Мәселен, мәмлекетимизде Түркия ҳәм Қазақстан менен басланғыш жойбарлар иске қосылды. Ташкент, Әндижан ҳәм Термиздеги логистика орайларымыз Түркий кеңес шеңбериндеги «дос портлар» системасына қосылды.
Мәмлекетимиз басшысы коронавирус пандемиясы бойынша билдирген усыныслар да әҳмийетли екенлигин көрсетти. Кеңеске ағза мәмлекетлер шеңберинде бул кеселликке қарсы гүресиў бойынша арнаўлы муўапықластырыўшы топар дүзилди. Эпидемиологиялық жағдайды бақлаў, таллаў ҳәм прогнозлаў бойынша турақлы жумыс алып баратуғын система жолға қойылды.
Шавкат Мирзиёев шерик мәмлекетлер көлеминде туризмди раўажландырыў мәселесине де айрықша итибар қаратып келмекте. Бул тараўдағы басламалар да әмелге аспақта. Усы жылы июньде Қоқанд қаласында Түркий тиллес мәмлекетлердиң бирге ислесиў кеңеси туризм министрлериниң мәжилиси болып өтти. Онда Қоқанд түркий дүньясының дәслепки туризм пайтахты, деп жәрияланды. Мәмлекетлеримиздеги муқаддес зыярат етиў орынлары бойлап «Теберик зыярат етиў орны» жойбарын әмелге асырыў басланды.
Маҳмуд Қашғарий, Юсуф Хас Ҳажиб, Әли йшер Наўайы, Муҳаммед Хорезмий мийрасына бағышланған халықаралық илимий конференциялар өткерилди.
Барлық түркий халықлар ушын ардақлы болған шайыр – Әлийшер Наўайы атындағы халықаралық сыйлықтың шөлкемлестирилиўи Президентимиздиң және бир ийгиликли басламасы болды. Бул сыйлық пенен түркий мәмлекетлерде илим, билимлендириў, мәденият ҳәм көркем өнер тараўларын раўажландырыўға үлкен үлес қосқан шахслар сыйлықланады.
Өзбекстан Президенти бул ретки саммитте де әҳмийетли басламаларды билдириўи күтилмекте.
Саммиттиң тийкарғы илажлары 12-ноябрьге мөлшерленген. Мәмлекетимиз басшысы бир қатар еки тәреплеме ушырасыўлар өткериўи де режелестирилген.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги