Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Пахта шийки затын жетистириў ҳәм оның жыйын-терим қәрежетлерин қаржыландырыў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында

2021-11-10 | Ҳүжжетлер

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Пахта шийки затын жетистириў ҳәм оның жыйын-терим қәрежетлерин қаржыландырыў системасын жетилистириў, пахта шийки заты жетистириўшилериниң мәпдарлығын арттырыў ҳәм өнимди терең қайта ислеў ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде:

  1. 2022-жылдың зүрәәтинен баслап пахта шийки затын жетистириўди ҳәм пахта жыйын-теримин Аўыл хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў қоры (кейинги орынларда – Қор) қаржыларынан қаржыландырыўдың төмендеги тәртиби енгизилсин:

а) пахта шийки затын жетистириў ҳәм пахта жыйын-теримин жеңиллетилген қаржыландырыў пахта-тоқымашылық кластерлери ҳәм Туқымгершиликти раўажландырыў орайы қурамындағы элита туқымгершилик хожалықлары арқалы әмелге асырылады;

б) коммерциялық банклер тәрепинен Қордың ресурслары есабынан төмендегилер ушын жеңиллетилген кредитлер ажыратылады:

пахта-тоқымашылық кластерлерине пахта жетистириў ушын – пахта шийки заты баҳасының 60 процентине шекемги муғдарда жыллық 10 процент (соннан, 2 проценти банк маржасы) ставкада 24 айға, соның ишинде, 18 ай жеңиллетилген дәўир ҳәм 19-айдан баслап кейинги 6 ай даўамында тең үлеслерде қайтарыў шәрти менен;

Туқымгершиликти раўажландырыў орайы қурамындағы элита туқымгершилик хожалықларына пахта шийки затын жетистириў ушын – пахта шийки заты баҳасының 60 процентине шекемги муғдарда жыллық 10 процент (соннан 2 проценти банк маржасы) ставкада 14 айға;

пахта-тоқымашылық кластерлери ҳәм Туқымгершиликти раўажландырыў орайы қурамындағы элита туқымгершилик хожалықларына пахта жыйын-теримин қаржыландырыў ушын – пахта шийки заты баҳасының 20 процентине шекемги муғдарда жыллық 10 процент (соннан, 2 проценти банк маржасы) ставкада 12 айға, соның ишинде, 3 айлық жеңиллетилген дәўир менен.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған бола пахта-тоқымашылық кластерлерине пахта шийки затын сатып алыў бойынша жуўмақланған есап-санақ ушын 12 айға шекемги мүддетке миллий валютада ажыратылатуғын коммерциялық кредитлер бойынша процент ставкасының Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан артатуғын, бирақ 10 процент пунктинен көп болмаған бөлегин қаплаў ушын Қордың есабынан компенсация төленеди. Онда, жуўмақланған есап-санақ ушын ажыратылатуғын коммерциялық кредитлер бойынша компенсация қәрежетлери Өзбекстан Республикасының республикалық бюджетинен қаржыландырылады.
  2. 2023-жылдың зүрәәтинен баслап пахта-тоқымашылық кластерлери ҳәм Туқымгершиликти раўажландырыў орайы қурамындағы элита туқымгершилик хожалықларының пахта өнимин жетистириў қәрежетлерин қаржыландырыў тийисли өним жылы ушын алдынғы жылдың 1-октябринен басланатуғыны;

пахта шийки затын жетистириў мақсетинде пахта-тоқымашылық кластерлерине ажыратылған жеңиллетилген кредитлер пахта шийки затын жетистириўге байланыслы агротехникалық илажларды қаржыландырыў ушын фермер хожалықларына бағдарланатуғыны, буннан пахта-тоқымашылық кластерлерине олар тәрепинен ижараға алынған аўыл хожалығы жерлеринде пахта шийки затын жетистириў ушын ажыратылған кредитлер буған кирмейди;

пахта-тоқымашылық кластерлери тәрепинен фермер хожалықларына пахта шийки затын жетистириў ушын алдыннан төлем ақшалай тәризде әмелге асырылатуғыны. Онда алдыннан төлемди натура тәризинде әмелге асырыўға жол қойылмайтуғыны;

аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўшилер тәрепинен минерал төгин, жанар май-майлаў өнимлери, техника ҳәм техникалық хызметлерге (өсимликлерди химиялық қорғаў қуралларынан тысқары) байланыслы мәселелер, соның ишинде, оларды импорт етиў  еркин шешилетуғыны, оған ҳәр қандай тәризде араласыў қадаған етилетуғыны белгиленсин.

  1. Қор тәрепинен ажыратылған қаржылардан нәтийжели пайдаланыўы ҳәм кластерлердиң финанслық жағдайы үстинен турақлы мониторингти шөлкемлестириў мақсетинде Қаржы министрлигиниң Мәмлекетлик финанслық қадағалаў бас басқармасы ҳәм оның аймақлық басқармаларындағы штат бирликлерин қысқартыў есабынан Қордың қурамында 5 штат бирлигинен ибарат бөлим шөлкемлестирилсин.

Қорға өзи тәрепинен ажыратылған қаржылардан нәтийжели пайдаланыўын аудит ҳәм бизнес консалтинг шөлкемлерин шәртнама тийкарында тартылған ҳалда аудиттен өткериў ҳуқықы берилсин.

  1. Орайлық банк, Аўыл хожалығы министрлиги, Әдиллик министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте үш ай мүддетте төмендегилерди нәзерде тутатуғын нормативлик-ҳуқықый пакетти Министрлер Кабинетине киргизсин:

товар қоймаханаларына қойылатуғын талаплар, товар қоймаханаларының жумысын шөлкемлестириў ҳәм сақлаў ушын берилген мүлк бойынша тәреплер миннетлемениң орынланыўын тәмийинлеў тәртиби, сондай-ақ, айрықша есапта туратуғын қоймаханаға қойылатуғын талаплар;

қоймаханаға сақлаў ушын берилген мүлктиң муғдары, түри, сақлаў мүддети ҳәм басқа да мағлыўматларды сәўлелендиретуғын Қоймахананың гүўалығы бирден-бир реестрин жаратыў ҳәм онда исбилерменлик субъектлери, коммерциялық банклер ҳәм мәмлекетлик басқарыў уйымлары арасында электрон мағлыўмат алмасыўын жолға қойыў.

Коммерциялық банклерге усы бәнттиң биринши абзацында нәзерде тутылған нызамшылық ҳүжжетлери қабыл етилгенге шекем, кредитлеў ушын пахта-тоқымашылық кластерлериниң ийирилген жип резервин, егер бул резерв қарыз миннетлемелеринен ҳәм гиреўден жырақ болған жағдайда, гиреўге алыў усыныс етилсин. Онда, гиреўге қойылған ийирилген жип резервлери гиреўге алатуғын коммерциялық банктиң келисими тийкарында қарамағына алынады.

  1. Бас министрдиң орынбасары Ж.А.Қўчқоров ҳәм қаржы министри Т.А.Ишметов аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўге байланыслы илажларды үзликсиз қаржыландырыў ушын 2022-жылы Қорға Өзбекстан Республикасы республикалық бюджетинен 5 триллион сум бийғәрез финанслық жәрдем ҳәм Қордың тийкарланған есап-санақларына бола 7,5 триллион сумға шекем бюджет ссудасының ажыратылыўын тәмийинлесин.
  2. Пахта талшығын қайта ислеў қуўатлылығына ийе болған пахта-тоқымашылық кластерлерине 2021-жылдың өними ушын пахта шийки затын жетистириўге ажыратылған жеңиллетилген кредитлер 2022-жыл сентябрь айынан баслап 6 ай даўамында тең үлеслерде қайтарылатуғыны белгилеп қойылсын.

Онда, Қордың есабынан усы мақсетлер ушын коммерциялық банклерге ажыратылған ресурсларды қайтарыў жеңиллетилген кредитлерди қайтарыў мүддетине сәйкес түрде созылады.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым қарарларына қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  2. Мәлимлеме ҳәм ғалаба қоммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги усы қарардың мазмун-мәниси ҳәм мақсет ҳәм ўазыйпаларының ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелениўин тәмийинлесин.
  3. Қаржы министрлиги Аўыл хожалығы министрлиги менен биргеликте үш ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  4. Усы қарардың орынланыўын тәмийинлеўде жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип аўыл хожалығы министри Ж.А.Ходжаев, қаржы министри Т.А.Ишметов белгиленсин.

Усы қарардың орынланыўын ҳәр шеректе додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ш.М.Ғаниевке жүкленсин.

Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша Өзбекстан Республикасы Президентине ҳәр шеректиң жуўмағы бойынша мәлимлеме берип барылсын.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 10-ноябрь

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться