Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Денсаўлықты сақлаў системасындағы жумыслар сын көзқарастан додаланды
2021-11-10 | Денсаўлықты сақлаў
Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 9-ноябрь күни жүрек-қан тамыр кеселиклериниң алдын алыў ҳәм оларды емлеў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында видеоселектор мәжилиси өткерилди.
Өзбекстанның жаңа раўажланыў стратегиясында баслы өлшем етип белгиленген «Инсан қәдири ушын» деген принцип ҳәр бир пуқара ушын мүнәсип турмыс шараятын ҳәм заманагөй инфраструктураны шөлкемлестириўди нәзерде тутады. Солардан бири маман медициналық хызметтен пайдаланыў болып есапланады.
Бул тараўдағы режелер ҳаққында Шавкат Мирзиёев сайлаўалды ушырасыўларында айтқан еди ҳәм олардың орынланыўына кирисилди. Бул мәжилис те медицинаның басланғыш буўынын раўажландырыў, ең көп тарқалған ҳәм өлимшиликке себеп болып атырған кеселликлерди ерте анықлаў, мақсетли скрининг илажларын өткериў мәселелерине қаратылды.
Министрлер Кабинети ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң бул тараўдағы кемшиликлери сын көзқарастан көрсетип өтилди.
– Халқымыздың денсаўлығы ҳеш нәрсе менен өлшенбейтуғын ең бийбаҳа байлығымыз болып есапланады,-деди Президент. –Соның ушын медицинаны халқымызды разы ететуғын системаға айландырыў бойынша үлкен шеклерди белгилеп алдық. Оның ушын басланғыш буўынға ажыратылатуғын қаржыларды 2 есеге арттырып, халықтың арасында кең тарқалған кеселликлерди азайтыў бойынша айрықша бағдарлама қабыл етемиз. Мәжилисте тараўдағы ўазыйпалар кардиология бағдары мысалында көрип шығылды.
Таллаўларға бола, 30-70 жастағы халық арасында өлимшилик жағдайларының 53 проценти жүрек-қан тамыр кеселликлерине туўра келмекте. Кейинги бес жылда ондай кеселликлер 20 процентке, соның ишинде, жаслар арасында да көбейген. Улыўма, 4 миллионға шамалас халық арасында жүрек-қан тамыр кеселликлери анықланған болып, улыўма халықтың 12 процентин қурайды.
Соның ушын, жүрек-қан тамыр кеселликлериниң алдын алыў, ерте анықлаў ҳәм нәтийжели емлеў бойынша жаңа система енгизилетуғыны белгиленди. Оған бола, келеси жылдан 40 жастан асқан барлық халық шаңарақлық поликлиника ҳәм медициналық бригадалар арқалы жылына кеминде бир мәрте мәнзилли скринингтен өткериледи, район лабораториялары коагулометр ҳәм зәрүр реактивлер менен тәмийинленеди, жүрек-қан тамыр кеселлиги анықланған халықтың бирден-бир электрон реестри жүргизиледи, жәрдемге мүтәж халыққа дәрилер бийпул тарқатылады.
Бул мақсетлер ушын келеси жылда ҳәр бир районға 350 миллион сумнан, жәми 70 миллиард сум ажыратылыўы мөлшерленген. Улыўма, басланғыш буўынға дәри ҳәм медициналық буйымлар ушын 580 миллиард сум қаратылыўы нәзерде тутылмақта. Бул усы жылғы қәрежетлерден 3 есеге көп.
Президентимиз шаңарақлық шыпакерлер ҳәм мийирбийкелерди жүрек кеселликлерин ерте анықлаў және емлеў бойынша қосымша оқытыў зәрүр екенлигин атап өтти. Келеси жылдың 1-июлине шекем район, ўәлаят ҳәм республика дәрежесинде емленетуғын кеселликлер дизими дүзилип, сол тийкарда режели емлеў жолға қойылыўы белгиленди. Оның ушын район емлеўханалары 4 түрдеги кардиология үскенелери менен тәмийинленеди. Нәтийжеде көрсетилетуғын хызметлер түри 5 еўден 15 ке артады.
Республикалық қәнигелестирилген кардиология илимий-әмелий медициналық орайының ўәлаят филиалларында болса хызметлер 15 ден 35 ке шекем жеткериледи. Атап айтқанда, Хорезм ўәлаяты филиалы қосымша үскенеленип, барлық хирургиялық операцияларды өткериў имканияты жаратылмақта.
Мәмлекетимиз басшысы бул тәжирийбени басқышпа-басқыш басқа да ўәлаятлар ҳәм Қарақалпақстан Республикасындағы емлеўханаларда да жолға қойыў, қәнигелестирилген кардиология хызметлерин аймақларға шекем иске қосыў зәрүр екенлигин атап өтти.
Мәжилисте Республикалық қәнигелестирилген кардиология илимий-әмелий медициналық орайының жумысы да сын көзқарастан көрип шығылды. Ол жерде превентив кардиология, нур жәрдеминде диагностика сыяқлы бағдарларда жаңа лабораториялар шөлкемлестириў, сырт елдеги жетекши клиникаларда шыпакерлердиң маманлығын арттырыў бойынша тапсырмалар берилди. Бул орайды трансформациялап, көп тармақлы түрге өткериў ўазыйпасы қойылды.
Ҳәммемизге белгили, жүрек-қан тамыр кеселликлериниң тийкарғы себеплеринен бири – надурыс турмыс тәризи. Дурыс аўқатланып, көбирек пияда жүретуғын адамларда бундай кеселликтиң аз ушырасатуғыны халықаралық илимий шөлкемлер тәрепинен дәлилленген. Мәмлекетимиз басшысы оның пайдасын және де кеңнен үгит-нәсиятлаў, дурыс аўқатланыў ҳәм денетәрбиясы шынығыўларын адамлардың әдеттеги турмыс тәризине айландырыў зәрүр екенлигин атап өтти.
Усы мақсетте «Саламат турмыс тәризи» платформасы шөлкемлестирилген еди. Ҳәзирги күнде оннан пайдаланыўшылар 600 мыңға жетти, оларға 18 миллиард сум төлеп берилди. Қаржы министрлигине келеси жылы бул системадан пайдаланыўшылар көлемин кеңейтиў ушын 60 миллиард сум ажыратыў бойынша көрсетпе берилди.
Видеоселектор мәжилисинде аймақ басшыларының жыйналғанынан пайдаланып, бурын берилген тапсырмалардың орынланыўына да тоқтап өтилди.
Жас әўлад пенен мәнзилли ислесиў ушын ҳәр бир мәҳәлледе ўәлаят ҳәкиминиң жәрдемшиси – жаслар жетекшиси лаўазымының енгизилетуғыны белгиленди. Олар жигит-қызлардың машқалаларын шешиў, кәсип үйрениўи ҳәм бәнтлигине жәрдемлестиў, бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў менен шуғылланады.
«Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбарының орынланыўы көрип шығылды. Ҳәкимлер ҳәм жуўапкер шөлкемлердиң басшылары терек ҳәм нәл егиў жумысларының барысы ҳаққында мәлимлеме берди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги