Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан Республикасы Президенти Түркий кеңестиң саммитинде қатнасады

2021-11-09 | Сиясат

Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев Түркий тиллес мәмлекетлер бирге ислесиў кеңесиниң гезектеги саммитинде қатнасыў ушын 11-12-ноябрь күнлери Түркияда сапар менен болады.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Стамбул қаласында өткерилетуғын Түркий тиллес мәмлекетлер бирге ислесиў кеңесиниң гезектеги саммитинде қатнасыў ушын 11-12-ноябрь күнлери Түркия Республикасында сапар менен болады.

Болажақ жоқары дәрежедеги ушырасыў күн тәртибинен Кеңес шеңбериндеги көп қырлы қатнасықларды, бәринен бурын, саўда, инвестициялар, «жасыл» экономика, санлы технологиялар, транспорт ҳәм коммуникациялар, мәдений-гуманитарлық алмасыў тараўларындағы байланысларды кеңейтиў мәселелери орын алған. Шөлкемниң жумысын буннан былай да жетилистириў мәселелери де көрип шығылады.

Саммит жуўмағында бирге ислесиў нәтийжелилигин арттырыў ҳәм тийкарғы бағдарларда көп тәреплеме шерикликти беккемлеўге қаратылған биргеликтеги ҳүжжетлердиң қабыл етилиўи күтилмекте.

Мәмлекетимиз басшысының сапары шеңберинде Стамбул қаласында бир қатар еки тәреплеме ушырасыўлардың өткерилиўи де нәзерде тутылған.

Түркий тиллес мәмлекетлер бирге ислесиў кеңеси 2009-жылы усы структураға ағза мәмлекетлер арасындағы қатнасықларды ҳәр тәреплеме беккемлеў мақсетинде дүзилген.

Бүгинги күнде Кеңеске Өзбекстан, Түркия, Әзербайжан, Қазақстан ҳәм Қырғызстан ағза. Мәмлекетимиз шөлкемге 2019-жылы қосылды. Венгрия Түркий кеңесте бақлаўшы статусына ийе.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться