Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Инвестициялық жойбарлардың нәтийжелилиги көрип шығылды

2021-11-05 | Сиясат

Президент Шавкат Мирзиёев 4-ноябрь күни инвестициялық жойбарлардың нәтийжелилигин арттырыў мәселелери бойынша мәжилис өткерди.

Мәмлекетимиз тәрепинен ақылға уғрас экономикалық дипломатия жүргизилип атырғаны нәтийжесинде экспорт ҳәм инвестиция муғдары избе-из артып бармақта. Атап айтқанда, кейинги бес жылда сырт ел инвестицияларының көлеми 3 есеге артқан. Соның есабынан жүзлеген завод ҳәм кәраханалар иске қосылып, өнимлер ҳәм хызметлердиң көлеми көбейди, адамлар жумыслы болды, жаңа имаратлар қурылды.

Бундай жумыслар ҳәр бир тармақта ҳәм аймақта даўам етпекте. Жыл басынан берли 179 ири ҳәм 10 мың аймақлық жойбарлар иске қосылған. Оларға 76 триллион сум инвестиция қаратылған. 143 мың жумыс орны шөлкемлестирилген.

Мәжилисте жаңа жойбарларды өз ўақтында орынлаў ҳәм бурын иске қосқанларын толық қуўатлылыққа шығарыў илажлары додаланды.

Кейинги жыллары пайдаланыўға тапсырылған 442 жойбар төмен қуўатлылықта ислеп атырғаны атап өтилди. Орнында үйренилгенде, олардың 238 инде шийки зат ҳәм базар табыў, 115 инде кредит, 35 инде инфраструктура менен байланыслы машқалалар бар екенлиги анықланған. Ўәлаят ҳәкимлерине бул кәрханалардың машқалаларын шешиў бойынша көрсетпелер берилди. Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигине жыл ақырына шекем 139 ири ҳәм 3 мың аймақлық жойбарларды иске қосыў ўазыйпасы қойылды.

Мәмлекетимиз басшысы ҳәр бир сум инвестиция экономикаға нәтийже болып қайтыўы, халқымыздың пайдасына хызмет етиўи керек екенлигин атап өтти. Соның ушын жойбарлар бойынша кредитлердиң мақсетли қолланылыўы ҳәм келешекте нәтийже бериўи қатаң қадағалаўға алынды.

Санаат жойбарларында тийкарғы итибар заманагөй, бәсекиге шыдамлы, базарда өтимли өнимлер ислеп шығарыўға қаратылған. Сол себепли олар ушын алдыңғы сырт ел технологиялары сатып алынған.

Мәжилисте усы жылы импорт етилген  270 тен артық үскене еле орнатылмағаны көрсетип өтилди. Оған себеп болып атырған процесслерди әпиўайыластырып, үскенелерди тезирек пайдаланыўға киргизиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Шавкат Мирзиёев Президент сайлаўы алдынан халық пенен ушырасыўларда инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бойынша жаңа система енгизилетуғынын айтқан еди. Оның ушын ҳәр бир аймақта «районлық жойбарлаў топарлары» ҳәм холдинг компаняларының шөлкемлестирилиўи режелестирилген. Бул жаңа структуралар исбилерменлердиң бизнес шеригине айланады. Олар исбилерменлердиң қасында турып, идеядан баслап, инвесторларды тартыў ҳәм жойбарлардың толық қуўатлылықта ислеўине шекем ҳәр күни жәрдем бериўге жуўапкер болады.

Мәжилисте бул жаңа системаны тез ҳәм нәтийжели шөлкемлестириўге байланыслы ўазыйпалар белгиленди.

Президент сырт ел инвестициясы ҳәм экспорт көлемин арттырыўда елимиздиң сырт еллердеги елшилери жумысының әҳмийетли екенлигин атап өтти. Аймақ ҳәм тармақ басшыларына перспективалы жойбарлар таўып, елшилер менен биргеликте оларды әмелге асырыў бойынша тапсырмалар берилди.

Додаланған мәселелер бойынша Бас министрдиң орынбасарлары, министрлер ҳәм ҳәкимлер мәлимлеме берди. 

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться