Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Шавкат Мирзиёев ЕҚБШ ДИИҲБ бақлаўшылары миссиясының басшысы менен ушырасты
2021-10-25 | Сиясат
Шавкат Мирзиёев 22-октябрь күни Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан сыпатында ЕҚБШ Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросының (ДИИҲБ) мәмлекетимиздеги Президент сайлаўын бақлаў бойынша миссиясының баслығы Оуэн Мерфи менен ушырасты.
Бюро Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң жетекши институтларының бири болып, оның жумысы инсанның тийкарғы ҳуқықлары менен еркинликлерине әмел етилиўин тәмийинлеў, демократиялық институтлар ҳәм пуқаралық жәмийетин беккемлеўге жәрдемлесиў мәселелерин қамтып алады.
ДИИҲБ мәмлекетимиздеги Президент ҳәм парламент сайлаўларын бақлаўда 1999-жылдан берли қатнасып келмекте. 2016-жыл декабрь айында Бюро дәслепки мәрте Өзбекстанға мәмлекет басшысы сайлаўын бақлаў ушын өзиниң толық миссиясын жоллады. Бул ретки Президент сайлаўын бақлаў ушын да тап усындай делегация Өзбекстанға келди. Усы бирлескен халықаралық миссияның қурамына Бюродан, ЕҚБШ Парламентлик ассамблеясынан ҳәм Европарламенттен бақлаўшылар кирген.
Ушырасыўда демократиялық жаңаланыўларды әмелге асырыў, сайлаў нызамшылығы ҳәм сайлаў процесслерин жетилистириў, сондай-ақ, болажақ әҳмийетли сиясий илажды халықаралық норма ҳәм стандартларға муўапық таярлаў ҳәм өткериў мәселелери бойынша пикир алысылды.
Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясынан Президентликке талабанның сайлаўалды платформасындағы тийкарғы бағдарлар да көрип шығылды.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги