Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Ташкент илим орайы ҳәм ири мегаполиске айланбақта

2021-10-20 | Жәмийет

Президент Шавкат Мирзиёев 19-октябрь күни Ташкент қаласында әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслар, ири жойбарлар менен танысты.

Шавкат Мирзиёев Ташкент қаласының сайлаўшылары менен ушырасыў өткерди.

Буннан соң мәмлекетимиз басшысы пайтахтымыздың Студентлер қалашасында қурылған Инновациялық оқыў ҳәм өндирис технопаркин барып көрди.

Онда үш система-билимлендириў, илим ҳәм өндирис бир-бири менен байланыстырылған. Бул жерде студентлер алдыңғы техникаларды көрип, қолланып, «көзи писеди». Сызылмалардан таяр өним жасаўға шекемги процесс пенен әмелде танысып, маман қәниге болып жетиседи. Улыўмаластырып айтқанда, бул технопарк «идеялар генераторы» болып хызмет етеди.

Президентимиз бул жерде жаратылған шараятларды көзден өткерди.

Үш қабатлы имарат робототехника, энергетика, электротехника ҳәм биотехнология бойынша алдыңғы үскенелер менен тәмийинленген. Биринши қабатта кепсерлеў, электроэрозия, ағаш ҳәм пластмассаны қайта ислеў, стартап ханалары ҳәм лабораториялар жайласқан. Жоқары қабатлардан оқыў ҳәм коворкинг ханалары, робототехника, стандартластырыў, спорт заллары, администрация, китапхана, офислер орын алған.

Мәмлекетимиз басшысы технопаркте басқарыў компаниясын шөлкемлестирип, өнимлерди сатыўды жолға қойыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

-Бес жыл бурын бундай орайларға, лабораторияларға келетуғын жаслар аз еди. Барларының да дәраматы жетиспейтуғын еди. Себеби илимге ақшасы жоқ еди. Енди бул шараяттан, үскенелерден пайдаланып, жасларды базарда өтимли өнимлер таярлаў ҳәм стаыўға үйретиў керек. Олар пайда көрсе, руўх пайда болады, өзин усы тараўға бағышлайды,-деди Шавкат Мирзиёев.

Техника бағдарындағы жоқары оқыў орынларының студенлерин көбирек тартып, әмелий сабақларды усы жерде өтиў, оқыў бағдарламаларын алдыңғы технологиялардан келип шығып жетилистириў бойынша көрсетпелер берилди.

Инновациялық технопаркте студентлердиң әмелият өтеўи бийпул, резидентлер ушын салық жеңилликлери енгизилген. Биологиялық тәжирийбелер ушын ыссыхана қурылған.

Мәмлекетимиз басшысы биотехнология лабораториясында әмелге асырылған жойбарлар менен танысты.  Резидентлер тәрепинен ислеп шығарылып атырған импорттың орнын басатуғын өнимлерди ен жайдырыў, оларды ҳәм және сондай жойбарларды қоллап-қуўатлаў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Президент студентлер ҳәм жас илимпазлар менен сәўбетлести. Бул жерде ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери менен де сөйлесиў болды.

Мәмлекетимиз басшысы Ташкент қаласының Яккасарай ҳәм Сергели районларында қурылған жаңа жолды көзден өткерди.

Пайтахтымыз ҳәм экономика, ҳәм халықтың саны жағынан өсип бармақта. Кейинги жыллары жеке автомобильлер  2-3 есеге көбейип, қала көшелеринде бир күнде 700-800 мыңнан аслам транспорт ҳәрекетленбекте. Және ярым миллионнан аслам адам күнине пайтахтымызға келип кетеди. Соның ушын жол инфраструктурасы турмыс талабына сай түрде раўажландырылып барылмақта.

Сергели менен Яккасарай районын байланыстыратуғын қосымша жол жүдә керек еди. Бул жойбар еки басқышта әмелге асырылмақта. Ҳәзирги күнде Шопаната көшесинен Ташкент айланба жолына шекем дерлик 2 километрлик трасса қурып питкерилген. Оның Киши айланба жолының үстинен өткен бөлегинде 788 метрлик көпир ҳәм Ташкент айланба жолына тутасқан жеринде еки 207 метрлик жол өткели қурылған.

Бул транспорт қурылмалары бүгиннен ашылды.

Бул жаңа жол ҳәм көпирлер инженерлик шешимине бола жүдә қолайлы. Бириншиден, бул жаңаша көше Ташкенттиң ең ири транспорт артериялары-киши ҳәм үлкен айланба жоллары менен кесилиседи. Екиншиден, транспортлардың жаңа көпирге шығыўы да, оннан түсиўи қолайлы. Ҳеш қандай светофор ямаса қайырылып алыўсыз, басқаларға кесент етпеген ҳалда кейинги жөнелиске қосылып кетиў мүмкин.

Ҳәзирги ўақытта жойбардың екинши басқышы шеңберинде жедел жумыс алып барылмақта. Ташкент айланба жолынан Қыпшақ көшесине шекемги 4 километрден аслам жол қурылмақта.

Улыўма, 6 қатарлы бул жол ҳәм көпирлер саатына 12 мыңға шекемги автотранспортты өткериў қуўатлылығына ийе болады. Усы тәризде, Сергели районынан қала орайына жетип барыў ўақыты бурынғы 40-50 минуттың орнына 20 минутты қурайды. Жаңа Сергели көшесиндеги тығылыс еки есеге азаяды.

Бул жерде жол қурылысы, абаданластырыў ҳәм коммуналлық тараўларда қолланылатуғын арнаўлы техникалар таныстырылды.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться