Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан ҳәм Тәжикстан жетекшилери телефон арқалы сөйлести
2021-10-06 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 5-октябрь күни Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон менен телефон арқалы сөйлести.
Мәмлекетимиз басшысы Тәжикстан Президентин туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық, абаданлық ҳәм жаңа табыслар, дос Тәжикстан халқына болса тынышлық-парахатшылық ҳәм раўажланыў тиледи.
Заманагөй Тәжикстанның мәмлекетлик қурылыс тараўында ҳәм социаллық-экономикалық раўажланыўдағы жетискенликлери, мәмлекеттиң халықаралық майдандағы абырайы избе-из артып атырғаны айрықша атап өтилди.
Усы жылы Шанхай бирге ислесиў шөлкеминде Тәжикстан басшылығының табыслы нәтийжелери ҳәм өткен айда Душанбе қаласында усы көп тәреплеме структураның юбилей саммитиниң табыслы өткерилгени жоқары баҳаланды.
Президентлер Өзбекстан ҳәм Тәжикстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықлары беккемленип атырғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
Сиясий ерк-ықрар ҳәм биргеликтеги ҳәрекетлер себепли мәмлекетлеримиз арасындағы көп қырлы бирге ислесиў сапа жағынан жаңа дәрежеге көтерилди ҳәм анық мазмун менен байыды.
Жедел байланыслар ҳәм алмасыўлар даўам етпекте, өз-ара саўда көлеми турақлы артып бармақта, машина қурылысы, энергетика, электротехника, таў-кән, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тармақларда әҳмийетли кооперация жойбарлары әмелге асырылмақта.
Аймақлар дәрежесинде ҳәм исбилерменлер арасында шериклик кеңеймекте.
Мәдений-гуманитарлық байланыслар жеделлести. Өткен ҳәптеде Ташкент кинофестивалы шеңберинде Тәжик киносы күнлери болып өтти. Буннан тысқары, көркем өнер, денсаўлықты сақлаў ҳәм билимлендириў тараўларында бирге ислесиў жойбарларын таярлаў даўам етпекте.
Мәмлекет басшылары қол қойылған ҳәм ерисилген келисимлерди кең көлемде әмелге асырыў әҳмийетли екенин атап өтип, қоспа ҳүкиметлераралық комиссияның жумысы шеңберинде тығыз бирге ислесиў ҳәм муўапықласыўды даўам еттириў ўазыйпасын қойды.
Сөйлесиў ўақтында халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер, соның ишинде, қоңсы Аўғанстанда жүзеге келип атырған жағдай бойынша пикир алысты.
Жоқары дәрежедеги ушырасыў ҳәм илажлар режеси де көрип шығылды.
Президентлердиң телефон арқалы сөйлесиўи ҳәр қашанғыдай қызғын, дослық ҳәм исшеңлик руўхында өтти.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги