Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалар Хорезмде де өз көринисин таппақта
2021-09-23 | Экономика
Президент Шавкат Мирзиёев аймақларда социаллық-экономикалық реформалардың барысы, ири жойбарлар менен танысыў, халық пенен сөйлесиў мақсетинде 22-сентябрь күни Хорезм ўәлаятында болды.
Дәслеп Әмиўдәрьяда қурылып атырған көпир көзден өткерилди.
Мәмлекетимиз басшысы усы көпирдиң жойбары менен өткен жылы декабрьде Хорезмге сапары ўақтында танысқан, көп өтпей оның қурылысы басланған еди.
Бүгинги күнде жағалықлар темир-бетон менен беккемленип, көпирдиң таяныш сүтинлери қурылмақта.
Жойбардың баҳасы 174 миллион доллар болып, соның есабынан 80 километрлик темир жол ҳәм Әмиўдәрья үстинде 413 метр узынлықтағы көпир қурылады.
Президентимиз қурылыс жумысларының барысын көзден өткерди.
– Бул адамлар узақ жыллар күткен жойбар. Енди және де көп жыллар ҳалқымызға хызмет етиўи керек. Соның ушын биринши орында сапа. Ажыратылған қаржы аз емес. Тәжирийбели қәнигелерди тартып, ҳәр бир тәрепин ойлап, елиме, журтыма деп қурыў керек, – деди Шавкат Мирзиёев.
Бул инфраструктуралардың нәтийжелилиги оғада жоқары. Мәселен, Хорезм ўәлаяты менен Қарақалпақстан Республикасы арасындағы темир жол аралығы 240 километрге, ўақты болса 6 саатқа қысқарады. Жергиликли жүк тасыў көлеми жылына 12 миллион тоннадан 25 миллион тоннаға артады. Сондай-ақ, халықаралық транзитлер ушын да қолайлылық кеңейеди. Автомобильлердиң ҳәрекети жақсыланып, халықтың узағы жақын болады.
Соң Президентимиз Үргенш қаласында Жалолиддин Мангуберди комплексиниң қурылыс процесин көзден өткерди.
Бул бағдардағы жойбар Президентимиздиң ўәлаятқа алдынғы сапары ўақтында көрип шығылған, қәнигелердиң пикири тийкарында жетилистирилген еди.
Комплекс қаланың Ал-Хорезмий ҳәм Ислам Кәримов көшелери кесилиспесиндеги дерлик 8 гектар майданда қурылмақта. Бүгинги күнде естеликтиң тийкары қурылмақта. Бронзадан Жалолиддин Мангубердиниң ат үстинде қылыш услап турған естелиги исленген. Оның тийкары менен бирге улыўма бийиклиги дерлик 25 метр болып, узақтан да көринип турады.
Мәмлекетимиз басшысы комплекстиң мазмунын байытыў, шараятларын жақсылаў бойынша көрсетпелер берди.
– Бул жер билим, мәнаўият, мақтаныш орайы, жаслар ушын ибрат мектеби болыўы керек. Келгенлер айланып дем алыўы менен бирге, Мангуберди бабамыздың өмирин айқын көз алдына келтириўи, буннан руўх алыўы керек. Қыябан бойлап оның саўашлары, қаҳарманлықлары ҳаққында үзиндилер жазып қойыў мүмкин. Тарийхты ҳәм шет тиллерин жақсы билетуғын гидлер таярлаў да зәрүр, – деди Шавкат Мирзиёев.
Ҳақыйқатында да, миллетимиз мақтанышы Жалолиддин Мангубердиниң өмири, оның тарийхымыздағы өшпес мәртлиги жас әўлад ушын өзине тән үлги болып есапланады. Оның өмир жолы жас әўладты ўатансүйиўшилик, миллий дәстүр ҳәм қәдириятларымызға садықлық руўхында тәрбиялаў, инсанларды кәмилликке жетеклеў, идеологиялық иммунитетти беккемлеўде әҳмийетли мәнаўий қалқан ўазыйпасын атқарады.
Президентимиз Ал-Хорезмий көшеси бойлап қурылған жер асты жолын да көзден өткерди.
Кеңлиги 17 метр, бийиклиги 5 метр болған бул туннель саатына 3,5 мың автомобильди өткериў қуўатлылығына ийе болады. Жер асты автомобиль жолының қурылысы ўәлаятлар ишинде биринши мәрте Хорезмде әмелге асырылып атырғанын атап өтиў зәрүр.
Қурылыс жумыслары питкеннен соң, аймақ абаданластырылып, тереклер егиледи, фонтанлар қурылады. Пиядалар ҳәм велосипед жоллары, туризм хызметлери шөлкемлестириледи.
Комплексти эксплуатациялаўды дурыс жолға қойыў, бул жерде байрам илажларын, фестивальлар өткериў ушын да шараят жаратыў бойынша көрсетпелер берилди.
Президент кортежи Хийўа районы Шомохулум мәҳәллесинде тоқтады. Мәмлекетимиз басшысы бул жерде жасайтуғын Комил Раҳимовтың үйине кирип, халықтың жасаў шараятлары менен қызықты.
Комил ата узақ жыллар аўыл хожалығында ислегени, өмирлик жолдасы Сония апа менен еки перзентти тәрбиялап өсиргенин айтып берди. Соңғы жыллардағы имканиятлар нәтийжесинде жаңа үйге ийе болғаны, перзентлери университетке оқыўға киргенин айтты.
Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған жумыслар, Хорезм ўәлаятындағы өзгерислер ҳаққында қызғын сәўбет болды. Шаңарақ ийелери бул өзгерислерди ҳәр бир адам өз турмысында сезип атырғаны, турмыс дәрежеси, ертеңги күнге исеними артып атырғанын атап өтти.
Шавкат Мирзиёев Хийўа қаласында Хорезм ўәлаятының сайлаўшылары менен ушырасты.
Президентимиз Хийўа гилем комбинатының жумысы менен танысты.
Алдын бул жер пайдаланылмай турған имарат еди. 2020-жыл сентябрьде оның орнында заманагөй комбинат шөлкемлестирилди. Усы жылы август айында жойбардың екинши басқышы иске қосылды.
Кәрханаға Германия, Бельгия, Австрия, Швейцария, Италия, Франция ҳәм Түркиядан энергияны үнемлейтуғын үскенелер алып келинип орнатылған. Бул жерде полипропилен жип, гилем ҳәм басқа да өнимлер ислеп шығарылмақта. Олар АҚШ, Россия, Қытай, Қазақстан, Қырғызстан, Түркменстан ҳәм Тәжикстанға экспорт етилмекте.
Мәмлекетимиз басшысы кәрханадағы өндирис процесин ҳәм шоу-румды көзден өткерди.
Комбинатта 250 жумыс орны жаратылған. 2022-жылы үшинши басқыш – акрил талшығынан ийирилген жип таярлаў жойбары әмелге асырылады. Нәтийжеде өндирис қуўатлылығы жылына 2,2 миллион квадрат метрге жетеди. Өнимниң 45 проценти сырт елге сатылыўы, жыллық экспорт 5 миллион доллардан артыўы күтилмекте.
Президентимиз өнимниң түрлерин көбейтиў, басқа районларда да усындай кәрханалар қурыў бойынша тапсырмалар берди.
Соның менен Шавкат Мирзиёевтиң Хорезм ўәлаятына сапары жуўмағына жетти.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги