Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан Президенти Қазақстанның Биринши Президенти менен телефон арқалы сөйлести
2021-09-21 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 20-сентябрь күни Қазақстан Республикасының Биринши Президенти – Елбасы Нурсултан Назарбаев пенен телефон арқалы сөйлести.
Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын раўажландырыў перспективалары көрип шығылды.
Көп қырлы бирге ислесиўдиң бүгинги жоқары пәти қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Өз-ара саўда ҳәм жүк тасыўлар көлеми артып бармақта, авиақатнаўлар толық тикленди. Экономиканың ҳәр қыйлы тармақларында кооперация жойбарлары табыслы әмелге асырылмақта. Аймақлараралық байланыслар ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўды және де күшейтиў зәрүр екени атап өтилди.
Аўғанстандағы жағдайды есапқа алған ҳалда халықаралық ҳәм регионаллық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер бойынша да пикир алысылды.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги