Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Президент қурылыс жойбарлары менен танысты
2021-09-20 | Сиясат
Президент Шавкат Мирзиёев 20-сентябрь күни билимлендириў, мәденият ҳәм медицина тараўларындағы қурылыс жойбарларының презентациясы менен танысты.
Мәмлекетимиз басшысының быйылғы жыл 23-июньдеги қарарына муўапық «Жаңа Өзбекстан» университетине тийкар салынған еди. Қарарда университет ушын заманагөй оқыў кампусы қурылыўы белгиленген.
Усы мақсетте түркиялы инженерлер менен биргеликте жойбар ислеп шығылған.
Илажда усы жойбардың тийкарғы тәреплери, болажақ имаратта жаратылатуғын шараятлар ҳаққында мағлыўмат берилди.
Мәмлекетимиз басшысы қурылысларды халықаралық стандартлар тийкарында, сапалы әмелге асырыў, имаратларға хызмет көрсететуғын техникалық хызметкерлерди ҳәзирги ўақыттан баслап таярлап барыў бойынша көрсетпелер берди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги