Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан – Түркменстан ҳүкиметлераралық комиссиясының мәжилиси
2021-09-15 | Экономика
Ташкентте 14-сентябрь күни Саўда-экономикалық, илимий-техникалық, мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў бойынша Өзбекстан – Түркменстан ҳүкиметлераралық комиссиясының 16-мәжилиси болып өтти.
Мәжилис Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри С.Умурзоқов ҳәм Түркменстан Министрлер Кабинети Баслығының орынбасары Э.Оразгелдиевтиң биргеликтеги басшылығында өтти.
Мәжилисте инвестициялық, саўда-экономикалық, санаат, энергетика, аўыл ҳәм суў хожалығы, илимий-техникалық, транспорт ҳәм транзит, мәдений-гуманитарлық тараўлардағы бирге ислесиў мәселелери додаланды.
Өзбекстан ҳәм Түркменстан ҳүкиметлериниң конструктивлик, узақ мүддетли ҳәм өз-ара пайдалы қатнасықларды беккемлеўге садық екенлиги, мәмлекетлеримиз арасындағы экономикалық шерикликти раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып атырғаны атап өтилди.
Мәмлекетлеримиз арасында саўда-экономикалық бирге ислесиў кеңеймекте. Ҳәзирги ўақытта Өзбекстанда Түркменстан капиталының қатнасыўында 160 кәрхана жумыс ислемекте. Усы жылдың биринши ярымында өз-ара товар алмасыў көлеми өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 20 процентке артты.
Тәреплер еки мәмлекеттиң потенциалын есапқа алған ҳалда санаат кооперациясын раўажландырыў ҳәм үзликсиз қосымша қун шынжырларын қәлиплестириў зәрүр екенлиги ҳаққында исенимли пикир билдирди. Аўыл хожалығы, тоқымашылық, былғары- аяқ кийим санааты, турмыслық техника ҳәм қурылыс материаллары тараўларында өндирис объектлерин шөлкемлестириў бойынша келисимге ерисилди.
Өз-ара саўданы раўажландырыў мәселелери көрип шығылды. Тәреплер еки мәмлекет базарларына өнимлерди турақлы жеткерип бериўди тәмийинлеў ҳәм саўда айланысы көлемин жақын келешекте 1 миллиард долларға жеткериўге таяр екенлигин билдирди. Еки мәмлекет сыртқы саўда уйымлары министрлериниң орынбасарлары дәрежесиндеги биргеликтеги жумысшы топар бул бағдардағы усынысларды турақлы түрде ислеп шығыў менен шуғылланады. Сондай-ақ, жақын келешекте Өзбекстан-Түркменстан шегараалды саўда зонасының жумысын шөлкемлестириў ҳәм тәртипке салыў ҳаққындағы келисим жойбарын келисиў де жуўмағына жеткериледи.
Транспорт тараўында еки мәмлекет арасында өз-ара байланыслылықты жақсылаўға айрықша итибар қаратылды. Соның ишинде, тәреплер транспорт жолларын және де раўажландырыў, авиа қатнаўларды басқышпа-басқыш қайта тиклеў, 2022-жылда өз-ара тариф жеңилликлерин усыныў, «Түркменбашы» теңиз порты инфраструктурасынан пайдаланыў перспективалары ҳәм басқа да басламаларды нәзерде тутатуғын биргеликтеги илажларды ислеп шығыў ҳәм қабыл етиўге келисип алды.
Илажда еки мәмлекеттиң министрликлери ҳәм уйымларының басшылары шығып сөйлеп, белгили бир тараўдағы бирге ислесиўге байланыслы гезектеги илажлар ҳаққында өз қарасларын билдирди.
Ҳүкиметлераралық комиссия мәжилисиниң жуўмақлары бойынша энергетика, нефть ҳәм газ, химия ҳәм автомобиль санааты, аўыл ҳәм суў хожалығы, экология, илим, билимлендириў, спорт ҳәм туризм тараўларында әмелий бирге ислесиў бойынша бир қатар әҳмийетли келисимлерге ерисилди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги