Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Трансплантологияны раўажландырыў илажлары додаланды

2021-09-14 | Сиясат

Президент Шавкат Мирзиёев 13-сентябрь күни хирургия хызметин трансформациялаўға байланыслы презентация менен танысты.

Мәмлекетимизде жылына орташа 750 мың хирургиялық операция исленеди. Жәҳән медицинасының жетискенликлери үйренилип, зәрүр шараятлар жаратылып атырғаны нәтийжесинде республикалық орайларда исленетуғын операциялардың түри 350 ге, ўәлаятлық орайларда  130 ға, районлық емлеўханаларда  60 қа жетти. 32 емлеўханада заманагөй эндоваскулярлық хирургия бөлимлери шөлкемлестирилген. 

Академик В.Ваҳидов атындағы республикалық қәнигелестирилген хирургиялық илимий-әмелий медицина орайы бул бағдардағы тийкарғы мәкеме болып есапланады. Аймақларда оның 14 филиалы жумыс ислемекте.

Презентацияда усы орайдың медициналық-илимий потенциалы, аймақларда өткерилген тексериўлердиң нәтийжелери ҳаққында мағлыўмат берилди. Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы мүнәсибети менен қабыл етилген мәмлекетлик бағдарламада районлық ҳәм қалалық медицина бирлеспелери негизинде 35 районлараралық биргеликтеги жарақатланыўлар ҳәм  өткир қан-тамыр кеселликлер орайлары  шөлкемлестирилиўи белгиленген еди. Сол мақсетте  быйылғы жылы 26-июльде мәмлекетимиз басшысының «Халыққа көрсетилип атырған медициналық жәрдемниң сапасын және де жақсылаў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

 Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы мүнәсибети менен қабыл етилген мәмлекетлик бағдарламада районлық ҳәм қалалық медицина бирлеспелери негизинде 35 районлараралық биргеликтеги жарақатланыўлар ҳәм  өткир қан-тамыр кеселликлер орайлары  шөлкемлестирилиўи белгиленген еди. Сол мақсетте  быйылғы жылы 26-июльде мәмлекетимиз басшысының «Халыққа көрсетилип атырған медициналық жәрдемниң сапасын және де жақсылаў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Мәмлекетимиз басшысы районлараралық орайларда исленетуғын хирургиялық операциялардың түрин  79 ға, ўәлаят дәрежесинде  168 ге жеткериў мүмкин екенлигин атап өтип, оның ушын зәрүр шараят жаратыў  бойынша жуўапкерлерге көрсетпелер берди.

Бүгинги ең керекли бағдарлардан бири – органлардың трансплантациясы. Кейинги жылларда бул тараўға айрықша итибар қаратылып, ҳуқықый-шөлкемлестириўшилик тийкарлар жаратылмақта. Атап айтқанда, Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайында кардиохирургиялық, тарнсплантология ҳәм нейро-қан-тамыр хирургиясы бөлимлери ушын жаңа иамарат қурылмақта.

Елимизде  500 наўқас баўыр, 1 мың  500 адам бүйрек трансплантациясы әмелиятына мүтәж екенлигин билдирмекте. Хирургиялық  бөлимлериниң үскенелениўи талап дәрежесинде емес екенлиги, тәжирийбели қәнигелердиң жетиспеўшилиги, иммуногенетикалық тексериўлер лабораториясы жоқ екенлиги тараўдың раўажланыўына унамсыз тәсир көрсетпекте.

Сонлықтан Республикалық хирургиялық илимий-әмелий медицина орайын трансплантологияға бағдарлап, иммуногенетикалық лаборатория ҳәм симуляциялық орай шөлкемлестириў, Наманган, Самарқанд ҳәм Хорезм ўәлаятларында бүйрек трансплантациясын жолға қойыў режелестирилген.

Мәмлекетимиз басшысы  алдынғы технологиялар тийкарында диагноз қойыў, операция ислеў ҳәм емлеў бойынша қәнигелер таярлаў, сырт еллердеги жетекши мәкемелерге тәжирийбе арттырыўға жибериў зәрүр екенлигин атап өтти.

Қаржы министрлигине бул мақсетлер ушын зәрүр қаржы ажыратыў, тарнсплантолог хирургларға мийнет ҳақысын дифференцияластырылған түрде төлеў системасын енгизиў ўазыйпасы қойылды.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться