Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан ҳәм Польша Президентлери бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелерин додалады

2021-08-26 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Польша Республикасы Президенти Анжей Дуда менен телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.

Жетекшилер еки тәреплеме күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелерди, соның ишинде, сиясий сөйлесиўди раўажландырыў, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиў, мәдений-гуманитарлық алмасыў бағдарламаларын алға қойыў, сондай-ақ, халықаралық шөлкемлер шеңбериндеги нәтийжели шерикликти даўам еттириў мәселелерин көрип шықты.

Мәмлекет басшылары Аўғанстандағы ўақыялардың раўажланыўы көзқарасынан региондағы  ҳәзирги жағдай бойынша да пикир алысты.

Польша Президенти пуқараларды Аўғанстаннан мәмлекетимиз аймағы арқалы Польшаға эвакуация етиў бойынша гуманитарлық операцияларды әмелге асырыўға көрсетилип атырған ҳәр тәреплеме жәрдем ушын шын кеўилден миннетдаршылық билдирди.

Аўған машқаласын тыныш жол менен шешиў мақсетинде тығыз бирге ислесиўди даўам еттириўге келисип алынды.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться