Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

«Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы» естелик белгиси менен сыйлықлаў ҳаққында

2021-08-24 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Жаңа Өзбекстан тарийхындағы уллы ҳәм белгили сәне – Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң отыз жыллық байрамын халқымыз үлкен қуўаныш пенен күтип алмақта.

Мәмлекетимизде жаңа демократиялық мәмлекет, пуқаралық жәмийетин қурыў жолында өткен дәўирде әмелге асырылған үлкен жумыслар, ерисилген жоқары нәтийжелерде, әлбетте, турмысымыздың түрли тараў ҳәм тармақларында пидәкерлик пенен мийнет етип атырған ўатанласларымыздың шексиз үлеси бар.

Бундай ҳүрметли инсанлардың елдиң алдындағы хызметлерин тән алыў ҳәм мүнәсип сыйлықлаў ўатанласларымыз, әсиресе, жасларымызды жоқары шеклерге қарай руўхландырыў, олардың кеўлинде Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық сезимлерин күшейтиўде айрықша әҳмийетке ийе болып табылады.

Мәмлекетимизди ҳәр тәреплеме раўажландырыў, оның дүнья жүзи көлеминдеги абырой-мәртебесин арттырыўға үлкен үлес қосып атырған, мәмлекетимиз экономикасы ҳәм халықтың абаданлығын арттырыўда ибрат ҳәм үлги болып киятырған, жәмийетимизде тынышлық ҳәм турақлылықты, миллетлераралық татыўлықты ҳәм аўызбиршиликти тәмийинлеў, жас әўладты саламат ҳәм бәркамал инсанлар етип камалға келтириў, оларды ўатансүйиўшилик, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаўда айрықша пидәкерлик көрсетип атырған ўатанласларымызды «Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы» естелик белгиси менен сыйлықлаў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети «Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы» естелик белгиси менен сыйлықлаў бойынша мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, жәмийетлик бирлеспелер ҳәм басқа да республикалық уйымлар ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимликлери тәрепинен усынылған дизимлерди көрип шықсын ҳәм тастыйықласын.
  2. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Спикери, Өзбекстан Республикасының Бас министри, министрликлер, уйымлар ҳәм жәмийетлик бирлеспелер республикалық уйымларының басшылары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимлери ҳәм басқа да жуўапкер басшылар «Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы» естелик белгилерин Ғәрезсизлик байрамы мүнәсибети менен өткерилетуғын илажларда Өзбекстан Республикасы Президенти атынан салтанатлы түрде тапсырыўды тәмийинлесин.
  3. Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына «Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы» естелик белгилерин тапсырыўға бағышланған илажларды кеңнен сәўлелендириў усыныс етилсин.
  4. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы,

2021-жыл 23-август

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться