Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан ҳәм Тәжикстан жетекшилери региондағы жағдайды додалады
2021-08-23 | Сиясат
23-август күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмонның телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.
Мәмлекет басшылары Өзбекстан – Тәжикстан стратегиялық шериклик ҳәм көп қырлы бирге ислесиў қатнасықлары ҳәм күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелерди көрип шықты.
Қоңсылас Аўғанстандағы жағдайдың раўажланыўы көзқарасынан регионаллық бирге ислесиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Өзбекстан ҳәм Тәжикстан Президентлери регионаллық қәўипсизлик ҳәм турақлылықты тәмийинлеўдиң әмелий тәреплери бойынша жедел уйымлараралық байланысларды даўам еттириў әҳмийетли екенин атап өтти.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги