Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан Президенти Германия Канцлери менен региондағы жағдайдың раўажланыўын додалады
2021-08-19 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Германия Федераль Канцлери Ангела Меркель менен телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.
Сөйлесиў барысында жетекшилер еки тәреплеме күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелерди көрип шықты және Аўғанстандағы ўақыялардың раўажланыўы көзқарасынан региондағы жағдай бойынша пикир алысты.
Бул мәмлекетте кескинлик ҳәм зорлықтың ҳәўиж алыўына жол қоймаў, сондай-ақ, аўған машқаласын сиясий жол менен тәртипке салыўды халықаралық жәмийетшилик тәрепинен ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мәселелеринде еки мәмлекеттиң позициясы менен көзқарасларының сәйкес екенлиги айрықша атап өтилди.
Пуқараларды Аўғанстаннан авиация транспортында Өзбекстан аймағы арқалы транзит жолы менен Германияға эвакуация етиў бойынша гуманитар операцияларды әмелге асырыўда жақыннан муўапықласыўды ҳәм жедел уйымлараралық бирге ислесиўди даўам еттириў зәрүр екени атап өтилди.
Региондағы жағдайдың және де раўажланыўы бойынша жоқары дәрежедеги турақлы байланысларды даўам еттириўге келисип алынды.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги