Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Әҳмийетли социаллық жойбарлар таныстырылды

2021-08-12 | Сиясат

Президент Шавкат Мирзиёев  Сурхандәрья ўәлаятында ишимлик суўы тәмийнатын жақсылаў ҳәм Ташкент қаласында хызметлер тараўында жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириўге байланыслы жойбарлардың презентациясы менен танысты.

Сурхандәрья ўәлаяты халқының 46 проценти орайласқан ишимлик суўы менен тәмийинленген. 218 суў объекти ҳәм 3 мың   километрден аслам тармақлар оңлаўға мүтәж. Ўәлаяттың қубла районлары  ҳәм Термиз қаласында суўдың минерализациясы муғдары артқан.

Сонлықтан  Президентимиз 2-июнь күни Сурхандәрья ўәлаятына сапары ўақтында «Тўпаланг» суў сақлағышынан ишимлик суўы тармағын тартыў бойынша көрсетпе берген еди. Усыған муўапық, дәслепки жойбар  ислеп шығылды.

Жойбарға бола, «Тўпаланг» суў сақлағышының төменги бөлегинде басымды өшириў, суўды тазалаў ҳәм тарқатыў объектлери қурылады. Ол жерден  районлардағы суў бөлистириў  узеллерине шекем улыўма 361 километр қубыр тартылады. Усы система нәтийжесинде Сариосиё, Денаў, Шўрчи, Қумқорған, Жарқорған, Бандихон, Қызырық, Шерабад, Ангор, Музработ, Термиз районлары ҳәм Термиз қаласындағы 1 миллион  700 мың  халықтың суў тәмийнаты жақсыланады. 

Жойбардың улыўма баҳасы  138 миллион доллар болыўы есап-санақ етилген. Оны  2024-жылы иске қосыў режелестирилмекте.

Мәмлекетимиз басшысы жойбарды мақуллап, оны басқышпа-басқыш әмелге асырыў бойынша көрсетпе берди. Қурылыс жумысларын «Абат аўыл» бағдарламасы менен үйлестириў, суў тәмийнаты бойынша мәмлекетлик-жеке  меншик шерикликти жолға қойыў зәрүр  екенлигин атап өтти.

Сервис  экономикада да, социаллық турмыста да үлкен әҳмийетке ийе. Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 11-майдағы «Хызметлер тараўын жедел  раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы  қарарында бул тараўды  экономикада әҳмийетли драйверге айландырыў ҳәм 2023-жылға шекем  хызметлер көлемин еки есеге арттырыў мақсети белгиленген. Усыған муўапық,  2021-2023-жылларда хызметлер тараўын раўажландырыў бойынша аймақлық бағдарламаларды тастыйықлаў ўазыйпасы қойылған.

Бул бағдарда Ташкент қаласының имканиятлары оғада үлкен. Атап айтқанда, быйылғы жылдың июнь-декабрь айларында хызметлер тараўында 415 мың жумыс орнын жаратыў мөлшерленген. Бул реже  жаңа  исбилерменлик субъектлери  ҳәм күни-түни ислейтуғын саўда-кеўилашар көшелер шөлкемлестириў, өзин-өзи бәнт етиў, биринши қабат ҳәм подвалларды ижараға бериў арқалы әмелге асырылады. Соның ишинде, июнь-июль айларында 24 мың адам өзин-өзи бәнт еткен, жаңа исбилерменлик  субъектлеринде 17 мың пуқара жумыслы болған.

Президентимиз бул тәжирийбени мәмлекетимиздиң басқа  аймақларында да енгизиў бойынша тапсырма  берди. Нызамшылыққа өзгерислер киргизип, хызмет көрсетиўшилерге финанслық жеңилликлер  бериў арқалы олардың жумысын  рәсмйилестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. 

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться