Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Ташкент ўәлаятында санаатты раўажландырыў бойынша көрсетпелер берилди

2021-08-11 | Сиясат

Президент Шавкат Мирзиёев Ташкент ўәлаятында санаатты раўажландырыў мәселелери бойынша мәжилис өткерди.

Быйыл 3-август күни болып өткен биринши ярым жыллықтағы экономикалық нәтийжелерди таллаўға бағышланған видеоселектор мәжилисинде Президентимиз Ташкент ўәлаятында санааттың раўажланыўы ушын қолайлы шараятлар бар екенлиги, бул тараўда үлкен өзгерислер енгизиў зәрүр екенлигин атап өткен еди. Соған муўапық, қосымша илажлар режеси ислеп шығылды.

Усы жылдың биринши ярымында ўәлаятта дерлик 7 триллион 700 миллиард сумлық өнимлер таярланып, өсиў 4,6 процентти қураған. Бирақ бул елимиздеги орташа көрсеткиштен төмен. Соның ушын, жылдың ақырына шекем жәми 18 триллион сумлық товарлар ислеп шығарып, жыллық 8,5 процент өсимге ерисиў мөлшерленген.

Оның ушын жаңа жойбарларды әмелге асырыў, аз қуўатлықта ислеп атырған ямаса тоқтап қалған кәрханаларды қоллап-қуўатлаў, бос турған имаратлардан нәтийжели пайдаланыў арқалы аймақлық санаатты раўажландырыў тийкарғы мақсет етип қойылған. Сондай-ақ, транспорт-логистика, хызметлер, аўыл хожалығы, қурылыс тараўлары тийкарғы бағдар етип белгиленген. 

Мәжилисте бул тараўларда әмелге асырылатуғын перспективалы жойбарлар таныстырылды.

Мәселен, Зангиата районында 1 мың 494 санаат кәрханасы бар. Усы жылдың 6 айында олар тәрепинен дерлик 600 миллиард сумлық өнимлер ислеп шығарылған. Быйыл 15 жойбар әмелге асырылып, және 51 миллиард сумлық қуўатлылық енгизиледи.

Зангиата санаат орайының жойбарын айрықша айтып өтиў мүмкин. 116 гектар майданда қурылатуғын бул санаат аймағында 165 жойбарды жайластырыў мөлшерленген. Олардың нәтийжесинде 12 мың жумыс орнын жаратыў, 48 миллион долларлық экспорт етиў ҳәм 9 миллион долларлық импорттың орнын толықтырыў есап-санақ етилген.

Ангрен қаласында кәрханалардың саны салыстырмалы түрде аз – 577 болса да, олардың имканияты жоқары. Қаланың Ташкент ўәлаяты санаат көлеминдеги үлеси 28 процент. Усы жылдың 6 айында 2 триллион сумнан аслам өнимлер таярланған. Екинши ярым жыллықта және 15 жойбар иске қосылады.

Буннан тысқары, улыўма баҳасы 560 миллион долларлық 124 жойбар қәлиплестирилген. Олардың нәтийжесинде 39 мың жумыс орны, 3 триллион сумлық өндирис қуўатлылығы шөлкемлестирилиўи нәзерде тутылған.

Ташкент ўәлаятында улыўма баҳасы 335 миллиард сумлық 32, Шыршық қаласында улыўма баҳасы 422 миллиард сумлық 20 жойбар әмелге асырылыўы режелестирилген.

Мәжилисте ўәлаяттың барлық районлар ҳәм қалаларындағы имканиятлар көрип шығылды.

Мәмлекетимиз басшысы Ташкент ўәлаятында имканиятлардан дурыс пайдаланылмай атырғанын атап өтип, санаат тармақларында жаңа жойбарларды көбейтиў, қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыў зәрүр екенлигин атап өтти. Жыл жуўмағы менен аймақлық санаат көлемин 40 процентке арттырыў ўазыйпасы қойылды.

Бар заводлардың жумысын кеңейтиў, санааты раўажланбаған районларда кәрханалар шөлкемлестириў, жол бойындағы хызметлерди раўажландырыў бойынша тапсырмалар берилди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться