Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан ҳәм Түркменстан Президентлери ушырасыў өткерди
2021-08-06 | Сиясат
Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев 6-август күни Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳамедов пенен ушырасыў өткерди.
Мәмлекетимиз жетекшиси Түркменстанның «Аваза» миллий туристлик зонасында өтип атырған Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының гезектеги Мәсәләҳәт ушырасыўының жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгенин, регионаллық бирге ислесиўди беккемлеўде бул және бир әҳмийетли басқыш болатуғынын атап өтти.
Өзбекстан ҳәм Түркменстан Президентлери еки тәреплеме бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелерин, регионаллық ҳәм халықаралық дәрежедеги байланысларды додалады.
Мәмлекет басшылары пандемияның қыйын дәўирине қарамастан, Өзбекстан менен Түркменстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықлары беккемленип атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
Саўда-экономикалық байланысларды раўажландырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Ушырасыўда алдын ерисилген келисимлердиң орынланыў жағдайы көрип шығылды. Унамлы өсиў пәтлерин даўам еттириў ушын жаңа жойбарлар ислеп шығыў, шегаралас аймақлар ҳәм исбилерменлер арасында байланысларды жеделлестириў керек екенлиги атап өтилди.
Транспорт-логистика инфраструктурасын раўажландырыў, Қубла Азия ҳәм Қубла Кавказ коридорлары арқалы жаңа сыртқы базарларға шығыў, соның ишинде, Ашхабад келисимине муўапық халықаралық транспорт ҳәм транзит коридорын жаратыў перспективалары додаланды.
Сөйлесиўде болажақ жоқары дәрежедеги ушырасыўға таярлық мәселелери көрип шығылды. Бирге ислесиўдиң жаңа «өсиў ноқатлары»н табыў, нәтийжели жойбарлар ҳәм шәртнамалар таярлаў ушын жақын ўақытларда Ҳүкиметлераралық комиссиясы ҳәм Исбилерменлер кеңесиниң гезектеги мәжилисин өткериўге келисип алынды.
Мәдений-гуманитарлық байланысларды кеңейтиў мәселелерине де итибар қаратылды.
Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан ҳәм Түркменстан Президентлери стратегиялық шериклик қатнасықларын халықларымыздың абаданлығы жолында өз-ара исеним ҳәм ҳүрмет принциплери тийкарында избе-из беккемлеп барыў бағдарында исенимли екенин атап өтти.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги