Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан Президенти Түркменстанға келди

2021-08-05 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳамедовтиң мирәт етиўине бола 5-август күни Түркменбашы қаласына келди.

Мәмлекетимиз басшысын Түркменстан Министрлер Кабинети Баслығының орынбасары Эсенмурат Оразгелдиев ҳәм басқа да рәсмий шахслар күтип алды.

Алдын хабар берилгениндей, 6-август күни Өзбекстан Президенти «Аваза» миллий  туристлик зонасында болып өтетуғын Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының гезектеги Мәсләҳәт ушырасыўында қатнасады.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев 2017-жылы Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 72-сессиясында Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының турақлы ушырасыўларын өткериў басламасын алға қойған еди. Ол барлық қоңсы мәмлекетлер тәрепинен қолап-қуўатланып, биринши саммит 2018-жылдың март айында Қазақстан пайтахты Нур-Султан қаласында  өткерилген еди.  Екиншиси болса  2019-жылы ноябрь айында Ташкент қаласында болып өтти.

Гезектеги саммитте, бәринен бурын, алдын ерисилген келисимлердиң нәтийжелери көрип шығылады. Регионда турақлы ҳәм избе-из раўажланыўды тәмийинлеў, саўданы раўажландырыў, энергетика тараўында шериклик ушын қолайлы шараятлар жаратыў,  транспорт-коммуникация тараўында бирге ислесиўди кеңейтиў, пандемияға қарсы биргеликте гүресиў мәселелери додаланады.

Өзбекстан Президенти өзиниң шығып сөйлеген сөзинде дослық ҳәм жақсы қоңсышылық, өз-ара исеним ҳәм жәрдем қатнасықларын және де беккемлеўге қаратылған бир қатар басламаларды алға қойыўы, улыўмалық мәплерге тийкарланған регионаллық бирге ислесиўдиң жаңа перспективалы  бағдарларын билдириўи күтилмекте.

Саммит шеңберинде Орайлық Азияның жетекши ҳаял-қызларының қарым-қатнасы ҳәм Экономикалық форум, миллий өнимлердиң көргизбеси, миллий тағамлар фестивалы және көркем өнер шеберлериниң концерти де өткериледи.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться