Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Қурылыс жойбарлары додаланды
2021-07-27 | Сиясат
Президент Шавкат Мирзиёев 26-июль күни мәденият, медицина, саўда ҳәм хызмет көрсетиў имаратларының қурылысына байланыслы жойбарлардың презентациясы менен танысты.
Бурын хабар етилгениндей, Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан Миллий бағы аймағында заманагөй китапхана қурылыўы режелестирилген. Оның дәслепки жумыслары бир ай бурын таныстырылған, ҳәзирги күнде мәмлекетимиз басшысының усыныслары тийкарында жетилистирилген.
Мәселен, китапхана имаратының сыртқы көриниси елимиздеги тарийхый естеликлерге үйлесимли тәризде жойбарластырылған. Үлкен китап фондын сақлаў, оқыў, мәдений дем алыў, ҳәр қыйлы илажлар өткериўге байланыслы барлық тәреплери инабатқа алынған.
Презентацияда китапхана жойбары толық көрип шығылды.
Мәмлекетимиз басшысына онкология ҳәм гематология емлеўханаларын шөлкемлестириў бойынша исленип атырған жумыслар ҳаққында да мағлыўмат берилди.
Ҳәммемизге белгили, быйыл 27-май күни «Халыққа гематология ҳәм онкология хызметлерин көрсетиў системасын буннан былай да жетилистириў ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилген еди. Усы қарарға муўапық, Республикалық онкология ҳәм радиология медицина орайы ушын жаңа имарат қурыў белгиленген.
Усы мақсетте Ташкент медицина академиясы клиникасы аймағынан 5 гектардан аслам жер ажыратылған. Сырт ел медицина мәкемелериниң алдыңғы тәжирийбеси, шыпакерлер ҳәм наўқаслар ушын барлық шараятлар есапқа алынып, жойбар ислеп шығылған. Атап айтқанда, бул бойынша Корея Республикасының «Daedong Medical Consulting» компаниясы менен биргеликте жумыс алып барылмақта. 50 ден аслам консалтинг кәрханаларын өз ишине алған бул компания Корея ҳәм сырт еллерде 600 ден артық мәкемелер қурылысында қатнасқан.
Президентимиздиң қарары тийкарында гематологияны раўажландырыў бойынша да сапа өзгерислери әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, Балалар гематологиясы, онкологиясы ҳәм клиникалық иммунологиясы өз алдына орай сыпатында ажыратылып, келеси жылдан баслап Республикалық қәнигелестирилген гематология илимий-әмелий медицина орайынан еркин тәризде жумыс ислейди. Бул еки орай Ташкент қаласы Чиланзар районы Арнасай көшесинде жаңадан қурылған заманагөй имаратларға жайластырылады.
Презентацияда бул орайларды жаңа имаратларға көшириў бойынша алып барылып атырған жумыслар атап өтилди. Ҳәзирги күнде ҳәр еки орайдағы барлық ханалар зәрүр үскене ҳәм мебель менен тәмийинленген. Ҳәр бир орын кислород ноқатлары менен тәмийинленген. Күнлик 100 қатнаўға мөлшерленген амбулатор поликлиника ҳәм стационар бөлимлер шөлкемлестирилген. Оптикалық талшықлы интернет тийкарында ислейтуғын электрон емлеўхана бағдарламасы енгизилмекте.
Сондай-ақ, бул жерде бактериологиялық, вирусологиялық лабораториялар ҳәм виварий ушын имаратлар қурылысы режелестирилген.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 12-ноябрьдеги пәрманына муўапық, «Термиз» еркин экономикалық зонасы аймағында Термиз халықаралық саўда орайы шөлкемлестирилмекте. Шавкат Мирзиёев Сурхандәрья ўәлаятына сапары ўақтында оның бас режесин көзден өткерген еди.
Улыўма баҳасы 75 миллион доллар болған бул орай үлкен ҳәм көп тармақлы болады. Ол жерде 1 мың 800 саўда орны, дерлик 1 миллион тонна жүк сыйымлылығына ийе логистика орайы ҳәм қоймаханалар, 1 мың 600 квадрат метрлик экспо орай, сондай-ақ, еки мийманхана, хостел, емлеўхана, автомобиль устаханалары ҳәм басқа да объектлер қурылады.
Орай ушын Термиз районынан 26 гектар жер майданны ажыратылып, қурлылыс жумыслары баслап жиберилген. Корпуслардың биринши қабатында саўда орынлары, екинши қабатында жеңил өндирислик кәрханалардың жайластырылыўы нәзерде тутылған.
Халықаралық саўда орайында арнаўлы салық ҳәм бажыхана режими, 10 күнге шекем визасыз тәртип «бир айна» принципи тийкарында хызмет көрсетиў жолға қойылады. Нәтийжеде өндирис те, саўда да раўажланады. Орайдың жыллық саўда айланысы 500 миллион доллар, экспорт қуўатлылығы 200 миллион доллар болыўы мөлшерленген. Бул жерде жәми 5 мың 600 ден аслам жумыс орны жаратылыўы мүмкин.
Илажда Ташкент қаласында мәмлекетлик объектлерден нәтийжели пайдаланыў, Наманган ўәлаятында жолдың бойларында саўда ҳәм хызмет көрсетиў шақапшаларын шөлкемлестириў бағдарындағы режелер де додаланды.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги