Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан Республикасы Президенти сырт ел делегациялары басшыларын қабыл етти
2021-07-17 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 16-июль күни «Орайлық ҳәм Қубла Азия: регионаллық өз-ара байланыс. Қәўип-қәтерлер ҳәм имканиятлар» темасындағы халықаралық конференцияда қатнасқан сырт ел мәмлекетлериниң сыртқы ислер министрлери, ҳүкиметлер ҳәм абырайлы халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери менен ушырасыўлар өткерди.
Европа комиссиясы вице-президенти, Европа Аўқамының сыртқы ислер ҳәм қәўипсизлик сиясаты бойынша Жоқарғы ўәкили Жозеп Боррел менен сөйлесиўде көп қырлы Өзбекстан-ЕА бирге ислесиўиниң әҳмийетли мәселелери додаланды.
Жозеп Боррел мәмлекетимиз басшысына Европа кеңесиниң Баслығы Шарль Мишель ҳәм Европа комиссиясы басшысы Урсула фон дер Ляйенниң сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди және Өзбекстан жетекшисиниң Орайлық ҳәм Қубла Азия байланыслылығын беккемлеў бағдарындағы глобал басламасы үлкен әҳмийетке ийе ҳәм өз ўақтында алға қойылып атырғанын атап өтти.
Ушырасыўда кейинги жылларда Өзбекстан ҳәм ЕА шериклиги жедел пәт пенен раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Көп қырлы бирге ислесиўди, бәринен бурын инсан капиталы ҳәм демократиялық жаңаланыўлар, бизнес, инвестиция ҳәм инновацияларды алға қойыў, «жасыл» раўажланыў, экология, мәдений алмасыў ҳәм басқа да бағдарларда және де кеңейтиў әҳмийетли екени атап өтилди. Өзбекстан ҳәм Евроаўқам арасында кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы жаңа келисим бойынша сөйлесиўлер жуўмағына жетип атырғаны мәлим етилди.
Халықаралық күн тәртиби бойынша да толық пикир алысылды. Аўғанстанда тынышлық орнатыўға жәрдем бериў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Президент Шавкат Мирзиёев Россия Федерациясы сыртқы ислер министри Сергей Лавровты қабыл етти.
Еки мәмлекет арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў ҳәм көп қырлы бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери додаланды.
Сыртқы ислер министри мәмлекетимиз басшысына Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.
Болажақ жоқары дәрежедеги саммитке таярлық көриў, биргеликтеги бағдарлама ҳәм жойбарларды, бәринен бурын саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.
Аўғанстандағы жағдай кескинлесиўи шараятында регионаллық бирге ислесиўди раўажландырыў мәселеси көрип шығылды.
Мәмлекетимиз басшысы Ҳиндстан Республикасы сыртқы ислер министри Субраманьям Жайшанкарды қабыл етти.
Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан-Ҳиндстан стратегиялық шериклик ҳәм көп қырлы бирге ислесиў қатнасықлары жоқары дәрежедеги турақлы сөйлесиўлер даўамында ерисилген келисимлерге муўапық избе-из раўажланып атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
Министр Жайшанкар Өзбекстан жетекшисине Ҳиндстан Бас министри Нарендра Модидиң сәлеми ҳәм қызғын тилеклерин жеткерди.
Өзбекстанның Орайлық ҳәм Қубла Азия арасындағы өз-ара байланысты, сондай-ақ, Аўғанстанда тынышлыққа ерисиў ҳәм бул мәмлекеттиң экономикасын тиклеўге қаратылған регионаллық жойбарларды алға қойыў бағдарындағы ҳәрекетлери жоқары баҳаланды.
Ушырасыўда еки мәмлекеттиң аймақларын жедел тартқан ҳалда инвестициялар, инновациялар, саўда, бизнес, логистика, мәлимлеме технологиялары, денсаўлықты сақлаў ҳәм басқа да тийкарғы бағдарларда биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Мәмлекетлеримиз «Ҳиндстан-Орайлық Азия» форматындағы нәтийжели сөйлесиўди даўам еттириўден мәпдар екени атап өтилди.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қазақстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – сыртқы ислер министри Мухтар Тлеўбердини қабыл етти.
Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.
Сыртқы ислер министри Мухтар Тлеўберди мәмлекетимиз басшысына Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев ҳәм Биринши Президенти – Елбасы Нурсултан Назарбаевтиң сәлеми ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.
Болажақ жоқары дәрежедеги илажларға таярлық көриў, сондай-ақ, еки мәмлекет арасындағы экономикалық кооперация жойбарлары ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиў бағдарламаларын алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.
Аўғанстандағы жағдайдан келип шығып регион күн тәртибиндеги мәселелер және август айының басында Түркменстанда өткерилетуғын гезектеги Орайлық Азия мәмлекетлери жетекшилериниң Мәсләҳәт ушырасыўына таярлық мәселеси көрип шығылды.
Президент Шавкат Мирзиёев Түркменстан Министрлер Кабинети баслығының орынбасары, сыртқы ислер министри Рашид Мередовты қабыл етти.
Жоқары дәрежедеги турақлы сөйлесиўлер себепли көп қырлы Өзбекстан-Түркменстан жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықлары избе-из беккемленип атырғаны айрықша атап өтилди.
Рашид Мередов мәмлекетимиз басшысына Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимухамедовтың сәлеми ҳәм қызғын тилеклерин жеткерди. Өзбекстан жетекшисиниң Орайлық ҳәм Қубла Азия байланыслылығын раўажландырыў бағдарындағы басламалары жоқары баҳаланды.
Еки мәмлекет арасындағы әмелий бирге ислесиўди және де кеңейтиў мәселелери көрип шығылды. Биргеликтеги ҳүкиметлераралық комиссияның гезектеги мәжилисин өткериў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Усы жылдың 6-август күни «Аваза» миллий туризм зонасында өткерилетуғын Орайлық Азия мәмлекетлери мәмлекет басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўына таярлықтың барысы додаланды.
Аўғанстанда болып турған қыйын жағдай бойынша пикир алысылды.
Мәмлекетимиз басшысы Тәжикстан Республикасы сыртқы ислер министри Сирожиддин Муҳриддинди қабыл етти.
Усы жылдың 11-12-июнь күнлери Тәжикстанға әмелге асырылған жоқары дәрежедеги тарийхый сапардың пайдалы нәтийжелери жоқары баҳаланды, олар мәмлекетлеримиз арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын беккемлеп, анық мазмун менен байытқаны атап өтилди.
Сыртқы ислер министри Сирожиддин Муҳриддин мәмлекетимиз басшысына Тәжикстан Президенти Эмомали Раҳмонның дослық сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.
Ушырасыўда қабыл етилген «жол картасы» тийкарында экономиканың түрли тармақларындағы тийкарғы жойбарларды ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыў бағдарламаларын алға қойыў мәселелери додаланды.
Регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер-Аўғанстандағы жағдай және Орайлық Азия мәмлекетлериниң жетекшилери ҳәм Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң саммитлерине таярлық көрип шығылды.
Президентимиз Қырғыз Республикасы Министрлер Кабинети баслығының орынбасары – экономика ҳәм қаржы министри Ақылбек Жапаровты қабыл етти.
Еки тәреплеме ҳәм регионаллық бирге ислесиў мәселелери бойынша пикир алысылды.
Ақылбек Жапаров Өзбекстан жетекшисине Қырғызстан Президенти Садир Жапаровтың сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.
Усы жыл март айында өткен жоқары дәрежедеги Өзбекстан-Қырғызстан саммитинде ерисилген ҳәм қабыл етилген келисимлерди әмелге асырыў мәселелери додаланды.
Санаат, энергетика, аўыл хожалығы, транспорт ҳәм логистика тараўларындағы тийкарғы кооперация жойбарларын тез пурсатта әмелге асырыў, биргеликтеги инвестициялық компанияның жумысын шөлкемлестириў әҳмийетли екени атап өтилди.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Түркия Республикасы сыртқы ислер министри Мавлуд Чавушўғлини қабыл етти.
Ушырасыўда көп қырлы Өзбекстан-Түркия қатнасықларының әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Мәмлекетимиз басшысы Түркия менен қатнасықлардың нәтийжели ҳәм жедел руўхын қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Еки мәмлекет жетекшилериниң турақлы сөйлесиўи дослық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын беккемлеў, еки тәреплеме бирге ислесиўди анық мазмун менен байытыўға хызмет етпекте.
Мавлуд Чавушўғли Өзбекстан Президентине Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдоғанның сәлеми ҳәм қызғын тилеклерин жеткерди.
Ушырасыўда жоқары дәрежедеги Стратегиялық бирге ислесиў кеңесиниң екинши мәжилисине таярлық көриў ҳәм оны өткериў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Регион күн тәртиби, соның ишинде, Аўғанстандағы жағдай бойынша толық пикир алысылды.
Бул мәмлекетте беккем тынышлыққа ерисиў ҳәм оның экономикасын тиклеў бағдарында тығыз бирге ислесиў әҳмийетли екени атап өтилди.
Президент Шавкат Мирзиёев Саудия Арабстаны Патшалығы сыртқы ислер министри шаҳзада Файсал бин Фархон Ол Саудты қабыл етти.
Мәмлекетимиз басшысы еки тәреплеме қатнасықлар жедел раўажланып атырғаны – өз-ара сөйлесиў жеделлесип, дәслепки ири инвестициялық жойбарлар, бәринен бурын энергетика тараўындағы жойбарлар алға қойылып атырғанын қанаатланыўшылық атап өтти.
Министр Файсал бин Фархон Өзбекстан жетекшисине Патша Салмон бин Абдулазиз Ол Саудтың қызғын сәлеми ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди және Саудия Арабстанына рәсмий сапар менен келиў усынысын және бир мәрте тастыйықлады.
Саудия тәрепи Өзбекстан Президентиниң Орайлық ҳәм Қубла Азия регионаллық байланыслылығын күшейтиў бағдарындағы өз ўақтында алға қойылған әҳмийетли халықаралық басламаларын, сондай-ақ, Аўғанстандағы жағдайды тыныш жол менен шешиўге көрсетилип атырған ҳәр тәреплеме жәрдемди жоқары баҳалайтуғыны ҳәм қоллап-қуўатлайтуғынын атап өтти.
Ушырасыўда әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў перспективалары, болажақ жоқары дәрежедеги сөйлесиўлердиң күн тәртибин байытыў, Өзбекстан – Саудия қатнасықларын сапа жағынан жоқары дәрежеге көтериў мақсетинде жаңа жойбар ҳәм илажларды таярлаў мәселелери додаланды.
Өзбекстан Президенти Кувейт Мәмлекетиниң сыртқы ислер министри, Министрлер Кабинети ислери бойынша мәмлекет министри шайх Аҳмад Носир ал-Муҳаммад ас-Сабоҳты қабыл етти.
Мәмлекетимиз басшысы еки мәмлекет арасындағы дәстүрий дослық қатнасықларды және де беккемлеў әҳмийетли екенин атап өтти. Кувейт сыртқы сиясий уйымы басшысының бул сапары сөйлесиў ҳәм алмасыўлардың жеделлесиўине хызмет ететуғынына исеним билдирилди.
Кувейт сыртқы ислер министри Өзбекстан жетекшисине Кувейт Әмири Наваф ал-Аҳмад ал-Жобир ас-Сабоҳтың қызғын сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди және Орайлық ҳәм Қубла Азия регионлары арасындағы өз-ара байланысты күшейтиў бағдарындағы ҳәрекетлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлады.
Ушырасыўда әмелий бирге ислесиўди, бәринен бурын саўда, инвестиция ҳәм инновациялар, қаржы, азық-аўқат қәўипсизлиги, мәлимлеме технологиялары, билимлендириў ҳәм басқа да тараўлардағы қатнасықларды кеңейтиў перспективалары додаланды.
Еки тәреплеме Ҳүкиметлераралық комиссияның гезектеги мәжилисин өткериў және дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 30 жыллығы шеңберинде биргеликтеги илажлар бағдарламасын таярлаўға келисип алынды.
Халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша конструктивлик руўхта пикир алысылды.
Мәмлекетимиз басшысы Әзербайжан Республикасы Бас министриниң орынбасары Шахин Мустафаев пенен ушырасыў өткерди.
Өзбекстан ҳәм Әзербайжан арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди раўажландырыў, мәмлекетлеримиздиң дәстүрий тығыз ҳәм дослық қатнасықларын және де беккемлеў мәселелери додаланды.
Шахин Мустафаев мәмлекетимиз басшысына Әзербайжан Президенти Илҳам Әлиевтиң қызғын сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.
Сәўбетлесиў ўақтында еки тәреплеме әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў, бәринен бурын саўда, санаат, аўыл хожалығы, транспорт ҳәм логистика жойбарларын алға қойыў және мәдений-гуманитарлық алмасыў бағдарламаларын әмелге асырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Болажақ жоқары дәрежедеги саммитке таярлық шеңберинде Ҳүкиметлераралық ҳәм Исбилерменлер кеңесиниң гезектеги мәжилислерин өткериў, биринши Аймақлараралық форумды шөлкемлестириў бойынша келисимге ерисилди.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Америка Қурама Штатлары Президентиниң кеңесгөйи Элизабет Шервуд-Рэндалл басшылығындағы делегацияны қабыл етти.
Еки тәреплеме күн тәртибиниң әҳмийетли тәреплери ҳәм халықаралық сиясат мәселелери көрип шығылды. Мәмлекетимиз басшысы кейинги жылларда Өзбекстан-АҚШ стратегиялық шериклик ҳәм көп қырлы бирге ислесиў қатнасықлары жедел пәт пенен раўажланып атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
Элизабет Шервуд-Рэндалл Өзбекстан Президентине АҚШ Президенти Жозеф Байденниң қызғын сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.
Президентимиздиң Орайлық ҳәм Қубла Азия байланыслылығын беккемлеў бағдарындағы басламалары АҚШ ҳәкимлиги тәрепинен жоқары баҳаланып атырғаны атап өтилди.
Буннан тысқары, мәмлекетимиздиң суверенитети, ғәрезсизлиги ҳәм аймақлық бирлиги, жаңа Өзбекстанды қурыў бойынша алып барылып атырған реформалар, Орайлық Азияда исеним, жақсы қоңсышылық ҳәм шерикликти беккемлеў бағдарындағы ҳәрекетлер исенимли қоллап-қуўатланды.
Ушырасыўда конструктивлик сиясий сөйлесиўди даўам еттириў мәселелери, сондай-ақ, еки тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиўдиң әмелий тәреплери, соның ишинде, пандемияға қарсы гүресиў ҳәм халықты емлеў, АҚШтың жетекши компания ҳәм банклери қатнасыўында биргеликтеги инвестициялық жойбарларды алға қойыў додаланды.
Аўғанстанда жүзеге келген жағдай бойынша толық пикир алысылды.
Президентимиз БМШ Бас хаткериниң орынбасары, Европа экономикалық комиссиясы (ЕЭК) Атқарыўшы хаткери Ольга Алгаерованы қабыл етти.
Мәмлекетимиз басшысы БМШ институтлары менен кейинги жылларда сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилген шериклик жедел раўажланып атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Шөлкем мәмлекетимиздеги реформаларға жәрдем берип атырғаны ушын миннетдаршылық билдирилди.
Ольга Алгаерова Өзбекстан Президентине БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриштиң сәлеми ҳәм жоқары ҳүрмет-иззетли сөзлерин жеткерди.
Мәмлекетимиздиң глобал майдандағы абырайы артып атырғаны, халықаралық жәмийетшилик Өзбекстан жетекшисиниң, соның ишинде, Орайлық ҳәм Қубла Азия байланыслығын күшейтиў бойынша басламаларын кеңнен қоллап-қуўатлаў атырғаны атап өтилди.
Атқарыўшы хаткер Аралбойын экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы сыпатында жәриялаў бойынша БМШ Бас Ассамблеясының резалюциясы қабыл етилгенин және Өзбекстанның Орайлық Азия мәмлекетлери ушын БМШ Арнаўлы комиссиясындағы (СПЕКА) басшылығын жоқары баҳалады.
Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм ЕЭК арасында Турақлы раўажланыў мәселелерине ерисиў ҳәм пандемия ақыбетлерин жеңип өтиў бағдарында, соның ишинде, экономика, саўда ҳәм транспорт, инновациялар, экология ҳәм басқа да тараўлар бойынша өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў перспективалары додаланды.
Бангладеш Халық Республикасы сыртқы ислер министри Абул Калом Абдул Мўмин менен ушырасыўда еки тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм регион күн тәртибиндеги мәселелер бойынша пикир алысылды.
Сыртқы ислер министри Бангладеш Президенти Абдул Ҳамид ҳәм Бас министри Шайх Ҳасина Вазедтиң қызғын сәлемин жеткерди.
Өзбекстан Президентиниң Орайлық ҳәм Қубла Азия регионларының өз-ара байланысын раўажландырыў бағдарындағы басламасы ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланды.
Алмасыўларды жеделлестириў, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда биргеликтеги жойбарлаў менен бағдарламаларды алға қойыў арқалы әмелий бирге ислесиўди кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги