Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан Президенти Түркменстан сыртқы ислер министрин қабыллады
2021-07-16 | Сиясат
Бүгин Ташкенттеги халықаралық конференция бағдарламасы шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Түркменстан Министрлер Кабинети Баслығының орынбасары, сыртқы ислер министри Рашид Мередовты қабыллады.
Жоқары дәрежедеги турақлы сөйлесиўлер себепли көп қырлы Өзбекстан – Түркменстан жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларының избе-из беккемленип баратырғаны айрықша атап өтилди.
Рашид Мередов мәмлекетимиз басшысына Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳамедовтың сәлеми ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди. Өзбекстан жетекшисиниң Орайлық ҳәм қубла Азия байланыслылығын раўажландырыў бағдарындағы басламалары жоқары баҳаланды.
Еки мәмлекет арасындағы әмелий бирге ислесиўди және де кеңейтиў мәселелери көрип шығылды. Биргеликтеги ҳүкиметлераралық комиссияның гезектеги мәжилисин өткериў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Усы жылдың 6-август күни «Аваза» миллий туризм зонасында өткерилетуғын Орайлық Азия еллери мәмлекет басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўына таярлықтың барысы додаланды.
Аўғанстандағы қыйын жағдай бойынша пикир алысылды.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги