Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

«Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықлаў ҳаққында

2021-06-30 | Ҳүжжетлер

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларда белсендилик көрсетип, өзиниң билим ҳәм таланты, умтылыўшаңлығы ҳәм интакерлиги, ҳадал ҳәм нәтийжели мийнети менен Ўатанымыздың раўажланыўын жоқарылатыў, жаңа Өзбекстанды  қурыў ҳәм оның халықаралық абырайын арттырыўға мүнәсип үлес қосып киятырған, жоқары мәнаўиятлы, еркин пикирлейтуғын, қатаң турмыслық позиция, кең дүньяқарасы ҳәм жоқары потенциалға  ийе, халық мәпи ҳәм ел келешеги ушын жуўапкершиликти өзине алатуғын пидайы ҳәм мәрт улларымызды мүнәсип хошаметлеў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик сыйлықлар ҳәм геральдика бойынша комиссияның Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының талантлы жигитлерин илим, билимлендириў, медицина, мәденият, әдебият, көркем өнер, спорт, өндирис, әскерий хызмет тараўлары ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларындағы жумысында ерискен айрықша жетискенликлери ушын «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықлаў ҳаққындағы усыныслары қосымшадағы дизимге муўапық мақуллансын.

«Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығы бойынша нәзерде тутылған 28 сыйлық орнына 2021-жыл ушын бурынғысынан өзгеше тәризде 29 сыйлық берилетуғыны белгиленсин.

  1. «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықланғанларға сыйлықланыў дипломлары ҳәм көкирек белгилери салтанатлы жағдайда тапсырылсын.
  2. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықланыўшылардың ҳәр бирине базалық еспалаў муғдарының 50 есеси муғдарында ақшалай сыйлық берилиўин тәмийинлесин.
  3. Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығы ийелериниң ибратлы жумысы, олардың сийрек ушырасатуғын таланты ҳәм ерискен жетискенликлерин кеңнен жарытып барыў усыныс етилсин.
  4. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                     Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 28-июнь

 

*   *   *

Өзбекстан Республикасы Президентиниң

2021-жыл 28-июньдағы ПҚ-5164-санлы

қарарына қосымша

«Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықланғанлар

ДИЗИМИ

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

Мадраимов Рустамжон Маткаримович – Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалының 4-басқыш студенти

Нурниязов Арман Арзубай улы – Ташкент мәмлекетлик мәлимлеме технологиялары университети Нөкис филиалының 4-басқыш студенти

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться