Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан ҳәм Тәжикстан жетекшилери еки тәреплеме ҳәм регион күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелерди додалады
2021-06-23 | Сиясат
23-июнь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмонның телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.
Мәмлекет басшылары Өзбекстан-Тәжикстан стратегиялық шериклик қатнасықларын және де кеңейтиў ҳәм регионаллық бирге ислесиўди раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелерин додалады.
Быйылғы жылдың 10-11-июнь күнлери Тәжикстанға әмелге асырылған жоқары дәрежедеги сапар етиў жуўмақлары бойынша ерисилген ҳәм қол қойылған келисимлерди әмелге асырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Саўда, санаат, энергетика, аўыл хожалығы, транспорт ҳәм экономиканың басқа тараўларында биргеликтеги кооперациялық жойбарларды ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыў бағдарларын қабыл етилген «жол карта»ларына муўапық алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.
Мәмлекет басшылары регионаллық қәўипсизлик мәселелери бойынша пикир алысты және Орайлық Азияда турақлылықты тәмийинлеў ҳәм жақсы қоңсышылықты беккемлеў мақсетинде тығыз сөйлесиў ҳәм ҳәрекетлерди муўапықластырыўды даўам еттириў зәрүр екенлигин атап өтти.
Сондай-ақ, болажақ көп тәреплеме, соның ишинде, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми ҳәм басқа да халықаралық структуралар шеңбериндеги илажлар кестеси көрип шығылды.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги