Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Шавкат Мирзиёев Тәжикстанға жөнеп кетти

2021-06-10 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмонның мирәт етиўине бола 10-июнь күни рәсмий сапар менен Тәжикстанға жөнеп кетти.

Бурын хабар етилгениндей, жоқары дәрежедеги сөйлесиўлерде Өзбекстан менен Тәжикстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери додаланыўы режелестирилген. Атап айтқанда, сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық, транспорт-коммуникация, мәдений-гуманитарлық тараўлардағы еки тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыў бағдарлары көрип шығылады.

Көп қырлы шерикликтиң жаңа «өсиў ноқатлары»н белгилеў және узақ мүддетли келешекке мөлшерленген әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша анық жойбарларды алғы қойыўға  айрықша итибар қаратылады.

Президентлер халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша пикир алысады.

Сөйлесиўлердиң жуўмағында мәмлекет басшыларының Биргеликтеги билдириўи, Өзбекстан-Тәжикстан инвестициялық компаниясын шөлкемлестириў, санаат ҳәм жаңа технологиялар тараўындағы бирге ислесиў ҳаққындағы келисимлер, Аўыл хожалығы тараўындағы бирге ислесиўди және де раўажландырыў бойынша «жол картасы» ҳәм басқа да ҳүжжетлерге қол қойылыўы режелестирилмекте.

Еки тәреплеме бирге ислесиўдиң дерлик барлық тараўларын қамтып алатуғын жәми 30 дан аслам ҳүжжет қабыл етилиўи нәзерде тутылған.

Буннан тысқары, сапар шеңберинде экономиканың ҳәр қыйлы тармақларында кооперацияны жолға қойыў бойынша улыўма баҳасы дерлик 1 миллиард доллар болған коммерциялық шәртнамалар ҳәм келисмлерге қол қойылыўы күтилмекте.

Сапар бағдарламасынан Душанбе қаласында мәдений илажларда қатнасыў, Соғд ўәлаятында жәмийетшилик ўәкиллери менен ушырасыў, санаат объектлери менен танысыў орын алған.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться