Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Әлийшер Наўайы мақбарасы оңланады ҳәм абаданластырылады

2021-06-01 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 31-май күни туризм, қала инфраструктурасы, санаат тараўларындағы жойбарлар және Әлийшер Наўайының мақбарасын оңлаў ҳәм тиклеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслардың презентациясы менен танысты.

Жойбарлардан бири Шыршық дәрьясы бойында түрли инфраструктура объектлерин қурыўға байланыслы.  Усы дәрьяның Ташкент қаласынан өткен жери 16 километрди қурайды. Жойбарға бола, дәрья аңғары қысқартылып, жағалықлар абаданластырылады. Соның есабынан ашылатуғын майданларда заманагөй турақ жайлар, дем алыў орайлары, өндирис ҳәм хызмет көрсетиў  объектлериниң қурылысы режелестирилген.

Және бир жойбар Ташкент халықаралық аэропортынан қала орайына өтиўдеги көпирди кеңейтиўге қаратылған. Ҳәзирги жол өткели  1967-жылы қурылған. Пайтахтымыздың раўажланыўы ҳәм транспортлар санының артыўы менен оны реконструкциялаў зәрүрлиги пайда болды. Сонлықтан бул көпирдиң Киши айланба жол менен кесилискен жеринде айланба түриндеги жол өткелин қурыў режелестирилген. Оның узынлығы 650, ени 30 метр болатуғыны мөлшерленген.

Бул инженерлик шешим автотранспортлардың көпирге шығыўы ҳәм түсиўин аңсатластырады. Жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлейди. Бул жердеги қолайлылық жақын әтираптағы көшелерге де тәсир етип, автомобильлердиң тығызлығы азайыўында әҳмийетли фактор болады.

Сондай-ақ,  мәмлекетимиз басшысына пайтахтымыздағы Технопаркте әмелге асырылыўы режелестирилген инвестициялық жойбарлар таныстырылды.

Атап айтқанда, бул аймақта жылына 1  миллион дана кир жуўыў машинасы, 15 мың тонна мыс қубыр, 3000 дана санаат суў  ысытыў үскенеси, 75 мың дана саўда суўытқышлары ҳәм музлатқышлары, 1 миллион квадрат метр HPL –панеллер ҳәм полиизоцианурат қатламлы сэндвич-панеллер,  30 мың тонна базальт тастан изоляция өнимлерин ислеп шығарыў бойынша қуўатлықларды шөлкемлестириў  режелестирилген.

Быйылғы жылдың ақырына шекем иске қосылатуғын жойбарлар нәтийжесинде 2 мыңнан аслам жумыс орны  жаратылады.

Миллий бағ аймағында қурылып атырған Magic City мәденият ҳәм дем алыў бағының екинши басқышы шеңберинде әмелге асырылатуғын жумыслар ҳаққында да мағлыўмат берилди.

Жойбар концепциясына муўапық, бағ аймағында жасалма көл шөлкемлестириледи ҳәм оның әтирапында мәмлекетимиздиң тарийхый ҳәм дыққатқа ылайық орынларына бағышланған тематикалық қалаша қурылады.

Президентимиз уллы шайыр ҳәм ойшыл бабамыз Әлийшер Наўайы мақбарасын оңлаў ҳәм тиклеў, оның әтирапын абаданластырыў жойбарына айрықша итибар қаратты.

Аўғанстанның Ҳирот қаласындағы Әлийшер Наўайы мақбарасы комплексинде қурылыс ҳәм абаданласытырыў жумысларын әмелге асырыў имканиятларын үйренип шығыў ўазыйпасы Президентимиздиң  2020-жыл 19-октябрьдеги «Уллы шайыр ҳәм ойшыл Әлийшер Наўайының туўылған күниниң  580 жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққында»ғы қарарында белгиленген еди.

Бул тапсырманың орынланыўын тәмийинлеў шеңберинде мәмлекетимиздиң қәнигелери аўғанстанлы кәсиплеслери менен биргеликте мақбараны орнында үйренди. Үйрениўлер нәтийжесинде дәстүрий архитектуралық, көркем өнер ҳәм безеў элементлеринен пайдаланған ҳалда мақбараны оңлаў ҳәм тиклеў жойбары ислеп шығылды.

Бүгин усыныс етилген жойбарға бола, мақбараның кириў ҳәм қалған жолларына Ҳәзирет Наўайының ҳикметли сөзлери жазылған китап көринисиндеги белгилер қойылады және декоратив отырғышлар  орнатылады.

Кириў бөлиминде сегиз мүйешли мешит қурылады. Кириў порталынан ҳәўли бөлегиниң шеп ҳәм оң тәрепинде жабық усылда терассалар  қурылады. Мақбараның сыртқы  көринисине безеў бериледи. Гүмбез, мақбара алды ҳәм шетки бөлимлери майолика элементлери менен исленеди. Комплекстиң аймағы көклемзарластырылады.

Мәмлекетимиз басшысы жойбарлар менен танысып, жуўапкерлерге оларды сапалы әмелге асырыў бойынша көрсетпелер берди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться