Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан Республикасы көркем өнер ғайраткери Баҳодир Йўлдошевтиң қайтыс болыўы мүнәсибети менен кеўил билдириў
2021-05-17 | Жәмийет
Елимиз көркем өнери ҳәм мәденияты аўыр жоғалтыўға ушырады. Миллий театр көркем өнеримиз ҳәм мәдениятымыздың раўажланыўына шексиз үлес қосқан уллы ҳәм бийтәкирар қәбилет ийеси, белгили режиссёр, устаз көркем өнер ғайраткери, Өзбекстан Республикасы көркем өнер ғайраткери, Халық артисти Баҳодир Турсунович Йўлдошев быйыл 16-май күни 76 жасында қайтыс болды.
Б.Йўлдошев 1945-жылы 7-сентябрьде Самарқанд ўәлаятының Каттақорған қаласында көркем өнер ғайраткерлери шаңарағында туўылды. Орта меткепти тамамлағанынан соң Ташкент театр ҳәм сүўретлеў өнери институтында режиссёрлық қәнигелиги бойынша оқыды.
Мийнет жолын Өзбек мәмлекетлик академиялық драма театры (ҳәзирги Өзбек Миллий академиялық драма театры) артисти лаўазымында баслады. Өзиниң абырайлы дәстүрлерине ийе болған бул дөретиўшилик дәргайда тез арада өзине тән жарқын усылы ҳәм дөретиўшилик принциплерине ийе болған шебер режиссёр сыпатында қәлиплести. Жигирма жети жасында бул абырайлы театрға бас режиссёр ҳәм көркемлик жақтан басшы етип тайынланды. Он үш жыл даўамында жәмийетте исшең дөретиўшилик орталық жаратыў, театр репертуарын заманагөй және классикалық миллий ҳәм сырт ел шығармалары менен байытыў, қәбилетли талант ийелерин тәрбиялаўға үлкен үлес қосты.
1984-2004-жыллары Аброр Ҳидоятов атындағы Өзбек мәмлекетлик драма театрында көркемлик жақтан басшы сыпатында жемисли мийнет етти.
Көркем өнерди шын кеўилден сүйген, оған садықлық пенен хызмет етиўди өз өмириниң мазмун-мәниси деп билген жарқын қәбилет ийеси өзбек режиссёрлық көркем өнеринде өзиниң дөретиўшилик мектебин жаратты.
Б.Йўлдошев тәрепинен сахналастырылған «Әбиў Райхан Беруний», «Ибн Сина», «Искендер», «Нодирабегим», «Жулдызлы түнлер», «Қара белбеў», «Фармонбиби өкпеледи», «Келинлер қозғалаңы», «Майсараның иси», «Шеше», «Аршин мололон» сыяқлы онлаған драмалық шығармалар миллионлаған көркем өнер ықласбентлериниң кеўлинен терең орын алып, театр көркем өнеримиздиң «алтын фонды»нан орын ийеледи. Бул шығармалардың айырым көпшилиги сырт еллерде де үлкен табыс пенен қойып берилди.
Миллий театр көркем өнеримизди жаңа идея ҳәм талқылаўлар, бийтәкирар шығармалар менен байытыў бойынша тынымсыз изленип жасаған Б.Йўлдошев майдан тамашалары, ғалабалық мәдений илажларды сахналастырыў бойынша тек ғана республикамызда емес, ал сырт еллерде де тән алынған, көркемлик ой-санасы оғада кең, өз кәсибиниң устасы ҳәм пидайысы болған белгили дөретиўши еди.
Үлкен қәбилет ийеси Б.Йўлдошевтиң дөретиўшилик мийнети, шөлкемлестириўшилик потенциалы, әсиресе, ғәрезсизлик жылларында айқын көринди. Ғәрезсизлик ҳәм Наўрыз улыўмахалықлық байрамлары және елимиз ҳәм сырт еллерде үлкен табысқа ерискен «Шарқ тароналары» музыка фестивалын, мақам ҳәм бақсышылық, миллий өнерментшилик көркем өнерлерине бағышлап өткерилген әнжуманлардың көркемлик бағдарламаларын жаратыў бойынша өзин аямастан, пидайы хызмет еткенин халқымыз, мәдений жәмийетшилигимиз жақсы биледи ҳәм жоқары қәдирлейди.
Пүткил саналы өмирин миллий көркем өнеримизди раўажландырыўға бағышлаған уллы көркем өнер ийеси 2009-жылы «Дийдар» жаслар эксперименталь театр-студиясын шөлкемлестирип, өмириниң ақырына шекем оған басшылық етип келди. Усы студияның жумысы арқалы онлаған қәбилетли жасларды ашыў, олардың талантын жүзеге шығарыў, класикаллық миллий әдебиятымыз үлгилерин сахналастырыў ҳәм үгит-нәсиятлаў жолында жанкүйерлик көрсетти.
Б.Йўлдошев өзиниң бай билим ҳәм тәжирийбеси тийкарында жасларға сахна илими, режиссёрлық көркем өнериниң теориялық ҳәм әмелий мәселелеринен сабақ бериў мақсетинде орайлық телеканалларымыз арқалы оғада пайдалы «Шеберлик сабақлары»н өткерип келди.
Б.Йўлдошевтиң миллий көркем өнеримиз ҳәм мәдениятымызды раўажландырыў бағдарындағы хызметлери мәмлекетимиз тәрепинен мүнәсип сыйлықланды. Ол «Өзбекстан Республикасы көркем өнер ғайраткери» және «Өзбекстан Республикасы халық артисти» ҳүрметли атақлары, «Меҳнат шуҳрати», «Фидокорона хизматлари учун», «Эл-юрт ҳурмати», «Буюк хизматлари учун» орденлери менен сыйлықланған еди.
Халқымыздың уллы көркем өнер перзенти, тәкирарланбас шахс, кишипейил инсан, жаслардың меҳрийбан ҳәм талапшаң устазы Баҳодир Турсунович Йўлдошевтиң жарқын естелиги кеўиллеримизде мәңги сақланып қалады.
Ш.Мирзиёев, Т.Норбоева, Н.Исмоилов,
А.Арипов, О.Назарбеков, С.Саидов
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги