Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Eкинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларының материаллық тәмийнлениўин буннан былай да күшейтиў илажлары ҳаққында

2021-05-12 | Ҳүжжетлер

Өзбекстан Республикасы Президентиниң п ә р м а н ы

Елимизде кекселерди мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў ҳәм социаллық қорғаўдың нәтийжели системасын қәлиплестириў, Ўатанның абырай-мәртебесин жоқарылатыўға, жасларды руўхый-әдеп-икрамлылық жақтан тәрбиялаўға белсене қатнасып атырған қарияларды қәстерлеў ҳәм фашизм үстинен ерисилген жеңиске мүнәсип үлес қосқан ветеранлардың материаллық тәмийинлениўин буннан былай да күшейтиў мақсетинде:

  1. 2021-жыл 10-майдан баслап, 1941-1945-жыллардағы урыс майыплары ҳәм қатнасыўшылары, сондай-ақ, фашистлер концлагерлериниң жас өспирим бурынғы тутқынлары ҳәм Ленинград қаласы қамал етилген дәўирде ислеген шахсрдың ең кем пенсия муғдары үстемелерин инабатқа алған ҳалда – 2,5 миллион сум етип белгиленсин.
  2. Усы Пәрманды орынлаў менен байланыслы болған қәрежетлер Қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қоры ҳәм республикалық бюджет қаржылары есабынан әмелге асырылсын.
  3. Қаржы министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерге усы пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.
  4. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                          Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 11-май

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться