Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Экономикалық зоналардың инфраструктурасын жақсылаў ушын 1 триллион 600 миллиард сум ажыратылады

2021-04-27 | Сиясат

Президент Шавкат Мирзиёев 27-апрель күни еркин экономикалық зоналар менен киши санаат зоналарында әмелге асырылып атырған инвестициялық жойбарларды додалаў бойынша мәжилис өткерди.

Бүгинги күнде елимизде 23 еркин экономикалық ҳәм 348 киши санаат зонасы жумыс ислемекте. Еркин экономикалық зоналарда улыўма баҳасы 2,6 миллиард долларлық  453 жойбар әмелге асырылып, 36 мыңға шамалас жумыс орны жаратылған. Киши санаат зоналарында болса 5 триллион сумлық 1 мың 497 жойбар иске қосылып, 36 мыңнан аслам адамның бәнтлиги тәмийинленген.

Соның менен бирге, бул аймақларда еле имканиятлар көп. Усы мақсетте бүгин мәмлекетимиз басшысы «Аранаўлы экономикалық ҳәм киши санаат зоналары инженерлик-коммуникация инфраструктурасын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарға қол қойды. Қарарға муўапық, усы жылы еркин экономикалық ҳәм киши санаат зоналарының инфраструктурасын жақсылаў ушын 1 триллион 600 миллиард сум қаржы ажыратылатуғыны белгиленди.

Атап айтқанда, 17 еркин экономикалық зонада қосымша электр энергиясы, газ, ишимлик суўы ҳәм ақаба суў тармақлары және автомобиль жолларын қурыў ушын 584 миллиард сум, 145 киши санаат зонасы ушын 395 миллиард сум қаратылады.

Ири инвестициялық жойбарларды инфраструктура менен тәмийинлеў мақсетинде 232 миллиард сум нәзерде тутылған. Раўажланыўдан артта қалған 33 районда санаат ҳәм бизнести жедел раўажландырыў ушын 264 миллиард сум ажыратылады.

Жуўапкерлерге усы қаржыларды ажыратыў ҳәм мақсетли жумсалыўы үстинен қатаң қадағалаў орнатыў бойынша көрсетпе берилди.

Мәжилисте Президент Шавкат Мирзиёев ендиги ең әҳмийетли мәселе еркин экономикалық зоналар ҳәм киши санаат зоналарындағы жойбарларды өз ўақтында иске қосыў екенин атап өтти.

Усы жылы еркин экономикалық зоналарда улыўма баҳасы 1,1 миллиард доллар болған 332 жойбар, киши санаат зоналарында улыўма баҳасы 9,5 триллион сум болған 1 мың 800 жойбардың иске қосылыўы режелестирилген.

Жуўапкерлер усы жойбарлар бойынша есабат берди. Бул жойбарлар елимизде санаатты және де раўажландырыў, импорттың орнын басатуғын ҳәм экспортқа қолайлы өнимлер ислеп шығарыўда әҳмийетли фактор болатуғыны атап өтилди.

Мәжилисте еркин экономикалық зоналар ҳәм киши санаат зоналарында жаңа перспективалы жойбарларды әмелге асырыў бойынша усыныслар көрип шығылды.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться