Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан Қаҳарманы Ҳасан Нормуродов

2021-04-24 | Сиясат

Өзбекстан халқы аўыр жоғалтыўға ушырады.

Белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы, «Нураний» қорының Самарқанд ўәлаяты бөлиминиң баслығы, Өзбекстан Қаҳарманы Ҳасан Норбекович Нормуродов усы жылы 24-апрель күни 82 жасында қайтыс болды.

Ҳасан Нормуродов 1939-жыл 16-ноябрь күни Самарқанд ўәлаяты Каттақўрғон районында туўылды. Орта мектепти тамамлап, Каттақўрғон педагогикалық билим училищеси ҳәм Самарқанд мәмлекетлик университетинде билим алды.

Мийнет жолын орта билимлендириў мектебиниң ана тили ҳәм әдебияты пәни оқытыўшысы лаўазымынан баслап, көп жыллар даўамында Самарқанд ўәлаятының түрли қала ҳәм районларында жумыс иследи.

Соның ишинде, Каттақўрғон қаласы, Жомбой, Нарпай районларында басшы лаўазымларында, Самарқанд ўәлаяты партия комитетиниң хаткери сыпатында нәтийжели жумыс иследи.

1988-1995-жылларда Самарқанд ўәлаяты Халық билимлендириў басқармасының баслығы, 1995-2003-жылларда Халық билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамының Самарқанд ўәлаяты кеңесиниң баслығы болып жумыс иследи.

2003-жылдан «Нураний» қорының Самарқанд ўәлаяты бөлим баслығы, 2020-жылдан Самарқанд ўәлаяты мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў басқармасы баслығының орынбасары ўазыйпасында пидәкерлик пенен мийнет етти.

Ҳасан Норбекович Нормуродов 60 жылдан аслам мийнет жолы даўамында өзиниң үлкен басшылық потенциалы, бай билим ҳәм тәжирийбеси, ҳәммеге үлги болатуғын руўхый пазыйлетлери менен жанажан Ўатанымызға шексиз муҳаббаты ҳәм садықлығы менен ҳақылы түрде көп миллетли халқымыздың кеўлинен терең орын алған уллы инсан еди.

Оның тиккелей басшылығында Самарқанд ўәлаятының түрли аймақларын экономикалық-социаллық раўажландырыў ҳәм абаданластырыў, халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў, тәлим-тәрбия системасының нәтийжелилигин арттырыў бойынша үлкен жумыс әмелге асырылды.

Ҳасан Норбекович Нормуродов ҳақыйқый халықтың ақсақалы сыпатында бәрқулла елдиң дәрт-тәшиўишлери менен жасады. Әсиресе, кексе әўлад ўәкиллери, ҳаял-қызларымыздың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, олар ушын мүнәсип шараят жаратыў, әзиз жасларымызды миллий ҳәм улыўма инсаныйлық руўхында тәрбиялаў, олардың келешегин тәмийинлеў жолында ҳақыйқый пидәкерлик көрсетип, шын кеўилден хызмет етти.

Ол Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы сыпатында ғәрезсизлигимизди беккемлеў, мәмлекетимизде парламентаризм системасын раўажландырыў, социаллық-экономикалық раўажланыўымыз ушын зәрүр болған әҳмийетли нызамларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўға үлкен үлес қосты.

Ҳасан Норбекович Нормуродовтың мәмлекетимиз ҳәм халқымыз алдындағы үлкен хызметлери мүнәсип баҳаланды. Ол «Дўстлик», «Меҳнат шуҳрати», «Эл-юрт ҳурмати» орденлери, «Өзбекстан Қаҳарманы» деген жоқары атақ пенен сыйлықланған еди.

Халқымыздың уллы перзенти, атақлы мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, кеңпейил ҳәм пидайы инсан Ҳасан Норбекович Нормуродовтың жарқын естелиги жүреклеримизде ҳәмийше сақланып қалады.

Дерек: Өзбекстан Республикасы Президентиниң рәсмий веб-сайти

Поделиться