Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан халық артисти Мырза Азизов
2021-04-17 | Мәденият
Өзбек мәденияты ҳәм көркем өнери аўыр жоғалтыўға ушырады.
Миллий театр ҳәм кино көркем өнеримиздиң белгили ғайраткери, Өзбекстан халық артисти Мырза Азизов аўыр кеселлениўден соң усы жыл 15-апрель күни 58 жасында қайтыс болды.
Мырза Азизов 1963-жылы Наманган ўәлаятының Чуст қаласында туўылған. 1987-жылы Ташкент театр ҳәм сүўретшилик көркем өнери институты (ҳәзирги Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты)н музыкалы драма актёры қәнигелиги бойынша тамамлаған.
Мийнет жолын 1989-жылда Муқимий атындағы өзбек мәмлекетлик музыкалы театрында вокал артисти сыпатында баслап, 1992-1997-жыллар даўамында өзбек мәмлекетлик драма театрында да жемисли дөретиўшилик етти.
Мырза Азизов көп жыллық, көп қырлы дөретиўшилик мийнети даўамында сийрек ушырасатуғын таланты ҳәм жоқары шеберлиги менен театр сахнасы ҳәм кино көркем өнеринде тамашагөйлер қәлбинен терең орын алған онлаған жарқын образлар жаратты.
Талантлы актёр «Юсуф ҳәм Зулайҳа», «Фарҳад ҳәм Шийрин», «Нәдирабегим», «Алпамыстың қайтыўы», «Тапланған туйғы» сыяқлы белгили спектакльлерде, «Кеўил көшелери», «Босаға», «Имам Бухарий», «Муҳаббат сынақлары», «Жарамаслық», «Мүриўбет», «Түсиниксизлер», «Бүртик» сыяқлы көплеген кинофильмлерде бийтәкирар характер ҳәм дүньяқарасқа ийе болған түрли шахслардың образын шебер жаратып, мыңлаған көркем өнер ықласбентлери ҳәм кең жәмийетшиликтиң ҳүрмет-итибарына еристи.
Өз жумысының мәнис-мазмунын халқымызға, жанажан Ўатанымызға шын жүректен хызмет етиўде, деп билген көркем өнер пидайысы мәмлекетимизде өткерилип киятырған барлық ғалаба-мәдений илажлардың белсенди қатнасыўшысы еди.
Ол 2016-жылдан баслап Муқимий атындағы өзбек мәмлекетлик музыкалы театры директоры лаўазымында жемисли мийнет етип, 80 жыллық даңқлы тарийхқа ийе бул көркем өнер дәргайының материаллық-техникалық базасы ҳәм кадрлар потенциалын беккемлеў, репертуар қурамын заманагөй ҳәм тарийхый шығармалар менен байытыўға, талантлы актёрларды тәрбиялаўға мүнәсип үлес қосты.
Үлкен дөретиўшилик ҳәм турмыс тәжирийбесине ийе болған М.Азизов халқымыз, бәринен бурын, жасларымыздың мәдений дәрежесин көтериў, оларды миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятлар, жақсылық ҳәм ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, мәнаўий турмысымызды түрли қәўип-қәтерлерден қорғаў жолында ҳақыйқый пидайылық үлгисин көрсетти.
Мырза Азизовтың өзбек театр ҳәм кино өнерин раўажландырыў бағдарындағы хызметлери мәмлекетимиз тәрепинен мүнәсип сыйлықланды. Ол «Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен артист», «Өзбекстан халық артисти» ҳүрметли атақлары менен сыйлықланған еди.
Белгили көркем өнер шебери, ашық кеўил ҳәм кишипейил инсан Мырза Азизовтың жарқын естелиги ядымызда ҳәмийше сақланып қалады.
Ш.Мирзиёев, Т.Норбоева, Н.Исмоилов, А.Арипов, О.Назарбеков, Ё.Саъдиев
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги