Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
II Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалына таярлық көриў ҳәм бақсышылық көркем өнерин раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында
2021-04-12 | Ҳүжжетлер
Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Бақсышылық көркем өнерин республикалық ҳәм халықаралық көлемде кеңнен үгит-нәсиятлаў, Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалын руспубликаның басқа аймақларында да өткериў, Қарақалпақстан Республикасы, Қашқадәрья, Самарқанд, Сурхандәрья ҳәм Хорезм ўәлаятларында бар болған өзине тән атқарыў усыллары тийкарында дөретиўшилик мектеплерди «устаз-шәкирт» дәстүрлери тийкарында қайта тиклеў ҳәм раўажландырыў мақсетинде:
а) Фестивальды Қарақалпақстан Республикасында жоқары шөлкемлестириўшилик ҳәм көркемлик дәрежеде өткериў бойынша зәрүр илажларды әмелге асырсын;
б) Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы менен келисилген ҳалда:
Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалын келешекте басқышпа-басқыш республиканың басқа аймақларында өткериў илажларын көрсин;
санитария-эпидемиологиялық жағдайды инабатқа алған ҳалда быйылғы жылдағы Фестиваль және келешектеги Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивальларын өткериў мүддетин белгилесин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2021-жыл, 10-апрель
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги