Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Туризм ҳәм спорт министрлигиниң жумысын шөлкемлестириў ҳаққында

2021-04-06 | Ҳүжжетлер

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 6-апрельдеги «Туризм, спорт ҳәм мәдений мийрас тараўларында мәмлекетлик басқарыў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПП-6199-санлы Пәрманына муўапық:

  1. Төмендегилер:

Туризм ҳәм спорт министрлигиниң шөлкемлестириў структурасы 1-қосымшаға муўапық;

Туризм ҳәм спорт министрлиги орайлық аппаратының басқарыў хызметкерлериниң шекленген саны 156 адам болған структурасы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Мәденият министрлигиниң материаллық мәдений мийрас тараўындағы ЮНЕСКО менен ислесиў ҳәм музейлер және китапханаларды раўажландырыўға байланыслы ўазыйпалары менен функциялары тийислисинше Туризм ҳәм спорт министрлиги ҳәм Мәдений мийрас агентлигине өткерилсин.
  2. Туризм ҳәм спорт министрлигиниң аймақлық бөлимлери басқарыў хызметкерлериниң шекленген саны 980 етип белгиленсин.
  3. Бас министрдиң орынбасары – туризм ҳәм спорт министрине:

мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер, сырт ел компанияларының жоқары маманлықтағы қәнигелерин, сондай-ақ, экспертлерин мәсләҳәтши сыпатында тартыў;

зәрүр жағдайларда, хызметкерлердиң штаттағы белгиленген улыўма саны шеңберинде Туризм ҳәм спорт министрлигиниң орайлық аппараты, сондай-ақ, система шөлкемлериниң структурасына өзгерислер киргизиў;

Туризм ҳәм спорт министрлигиниң Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы бас басқармалары, районлық (қалалық) бөлимлериниң структуралары ҳәм режелерин тастыйықлаў, сондай-ақ, олардың басқарыў хызметкерлериниң шекленген санын белгилеў ҳуқықы берилсин.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлериниң туризм ҳәм спортты раўажландырыў мәселелери бойынша орынбасарлары ҳәм мәсләҳәтшилери лаўазымлары тийислисинше Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлериниң туризм, спорт, мәденият, мәдений мийрас ҳәм ғалаба коммуникациялар мәселелери бойынша орынбасарлары етип қайта аталатуғыны;

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлериниң туризм, спорт, мәденият, мәдений мийрас ҳәм ғалаба коммуникациялар мәселелери бойынша орынбасарлары бир ўақыттың өзинде тийислисинше туризм ҳәм спорт бас басқармаларының басшылары есапланатуғыны;

Мәдений мийрас агентлигиниң директоры, туризм ҳәм спорт министриниң мәсләҳәтшилери (сырт ел мәсләҳәтшилеринен тысқары) ҳәм аппарат басқарыўшысы статусы, мийнетке ҳақы төлеў, медициналық ҳәм транспорт хызметин көрсетиў шараятлары бойынша туризм ҳәм спорт министриниң орынбасарларына теңлестирилетуғыны;

Туризм ҳәм спорт министрлигине жумысқа қабыл етиў Бас министрдиң орынбасары – туризм ҳәм спорт министри тәрепинен тийисли мәмлекетлик уйымлар тәрепинен алдын әмелге асырылған келисимлерди есапқа алған ҳалда, бийғәрез әмелге асырылатуғыны;

Туризм ҳәм спорт министрлиги ҳаққындағы реже тастыйықланғанша, Туризм ҳәм спорт министрлиги хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеўдиң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан төленетуғын төлемлер Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 2-декабрьдеги ПҚ-2666-санлы қарары менен тастыйықланған Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети ҳаққындағы режеге тийкарланып әмелге асырылатуғыны;

Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети жанындағы бюджеттен тысқары Туризм тараўын қоллап-қуўатлаў қоры Туризм ҳәм спорт министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Туризм ҳәм спортты қоллап-қуўатлаў қоры (кейинги орынларда – Қор) етип қайта аталатуғыны. Онда, Денетәрбия ҳәм спорт министрлигиниң бюджеттен тысқары «Спорт» арнаўлы есап бетиниң қаржылары Қорға толық өткерилетуғыны;

Туризм ҳәм спорт министрлиги ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң жумысын қаржыландырыўдың тийкарғы дәреги етип Мәмлекетлик бюджет қаржылары, министрликтиң бюджеттен тысқары қаржылары, нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер болса оның жумысын қаржыландырыўдың қосымша дәреклери есапланатуғыны;

Қордың қаржылары ҳәм нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан Туризм ҳәм спорт министрлиги ҳәм оның аймақлық бөлимлери, сондай-ақ, система шөлкемлериниң хызметкерлерин қосымша хошаметлеўге бағдарланатуғыны белгилеп қойылсын.

Усы бәнттиң үшинши абзацында көрсетилген лаўазымларға талабанлар Бас министрдиң орынбасары – туризм ҳәм спорт министриниң усынысына тийкарланып белгиленген тәртипте тайынланатуғыны ҳәм лаўазымынан азат етилетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Қаржы министрлиги усы қарардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша Туризм ҳәм спорт министрлигиниң қәрежетлери ушын тийкарланған есап-санақлар бойынша 2021-жылғы Мәмлекетлик бюджет параметрлери шеңберинде қаржы ажыратсын ҳәм 2022-жылдан баслап зәрүр бюджет қаржыларын нәзерде тутсын.

Туризм ҳәм спорт министрлиги Қаржы министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте Мәмлекетлик бюджеттиң 2021-жыл ушын тастыйықланған бюджет параметрлерине усы қарардың талапларынан келип шығып тийисли өзгерислер киргизиў бойынша реже жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Төмендегилер Қордың қаржыларын қәлиплестириўдиң қосымша дәреклери етип белгиленсин:

шөлкемлестириўшиси Туризм ҳәм спорт министрлиги есапланған кәрханалар ҳәм шөлкемлердиң (кейинги орынларда – мәмлекетлик шөлкемлер) қарамағында салықлар ҳәм жыйымлар төленгенинен кейин қалатуғын ҳақыйқый пайданың бир бөлеги;

меншиклестириў ҳаққындағы қарарларға муўапық мәмлекетлик мүлк объектлерин реализациялаўдан түсетуғын тийисли қаржылар;

мәмлекетлик шөклемлердиң мүлкин (көшпес мүлк буған кирмейди) сатыўдан түскен қаржылардың 50 проценти;

мәмлекетлик шөлкемлердиң мүлкин ижараға бериўден түскен бюджетке бағдарланып атырған қаржылардың 50 проценти;

мәмлекетлик шөлкемлердиң жумысын тексериў нәтийжелери бойынша Туризм ҳәм спорт министрлигиниң ишки аудит хызметлери тәрепинен анықланған және Мәмлекетлик бюджет қаржыларының, талан-тараж, растраталар, кемшиликлер суммаларының 50 проценти;

мәмлекетлик шөлкемлердиң жумысын тексериў нәтийжелери бойынша Туризм ҳәм спорт министрлигиниң ишки аудит хызметлери тәрепинен анықланған және мәмлекетлик мақсетли қорлары ҳәм бюджеттен тысқары қорлардың дәраматына өндирилген нызамсыз жумсалған бюджет қаржылары, талан-тараж, растраталар, кемшиликлер суммалары;

мәмлекетлик шөлкемлердиң бюджеттиң тысқары қорларына түсетуғын қаржылардың 10 проценти;

Қордың ўақтынша бос турған қаржыларын жайластырыўдан алынатуғын дәраматлар;

туризм, спорт ҳәм мәдений мийрас тараўларындағы мәмлекетлик-жеке-меншик шериклик жойбарларын әмелге асырыўдан түсетуғын қаржылар;

юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң, соның ишинде, Өзбекстан Республикасы резиденти емеслердиң қәўендерлик қайырқомлықлары;

халықаралық қаржы шөлкемлери ҳәм сырт мәмлекетлердиң грантлары ҳәм техникалық жәрдем бериў қаржылары;

нызамшылық ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да түсимлер.

  1. Туризм ҳәм спорт министрлиги, Қурылыс министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигиниң 2021/2022-оқыў жылынан баслап материаллық мәдений мийрас объектлерин консервациялаў, реставрациялаў, дүзетиў, оңлаў, илимий ҳәм илимий-техникалық изертлеў, жойбарлаў бойынша жоқары маман кадрларды таярлаў ҳәм бул тараўға жетекши қәнигелерди тартыў мақсетинде:

Ташкент архитектура-қурылыс институты ҳәм Самарқанд мәмлекетлик архитектура-қурылыс институтында мәдений мийрас объектлерин сақлаў факультетлерин шөлкемлестириў;

Бухара архитектура ҳәм қурылыс колледжинде Мәдений мийрас объектлерин сақлаў бағдарын шөлкемлестириў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

  1. Денетәрбия ҳәм спорт бойынша қәнигелерди илимий-методикалық тәмийинлеў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў орайы Денетәрбия ҳәм спорт бойынша қәнигелерди қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў институты етип қайта аталсын.
  2. Туризм ҳәм спорт министрлиги үш ай мүддетте:

«Спорт медиа орайы» мәмлекетлик унитар кәрханасын «Миллий PR орайы» мәмлекетлик унитар кәрханасына;

«Сертификатластырыў ҳәм компьютерлестириў орайы» мәмлекетлик унитар кәрханасын «Туризм хызметлерин сертификатлаў орайы» мәмлекетлик унитар кәрханасына;

Суў спорт түрлерин раўажландырыў Республикалық орайы және Суў спорт түрлери Республикалық олимпиада резервлери қәнигелестирилген балалар-жас өспиримлер спорт мектебин Суў спорт түрлери бойынша Республикалық жоқары спорт шеберлиги мектебине қосыў илажларын көрсин.

  1. Туризм ҳәм спорт министрлиги басшылығында «Ғалабалық илажларды шөлкемлестириў ҳәм өткериў дирекциясы» мәмлекетлик унитар кәрханасы шөлкемлестирилсин.

Онда, «Ғалабалық илажларды шөлкемлестириў ҳәм өткериў дирекциясы» мәмлекетлик унитар кәрханасының штат бирликлери Суў спорт түрлерин раўажландырыў Республикалық орайы және Суў спорт түрлери бойынша Республикалық олимпиада резервлери қәнигелестирилген балалар-жас өспиримлер спорт мектеби басқарыў хызметкерлериниң 14 штат бирлигин қысқартыў есабынан қәлиплестириледи.

  1. Капитал базарды раўажландырыў агентлиги Туризм ҳәм спорт министрлиги, Қаржы министрлиги, Әдиллик министрлиги ҳәм Мәмлекетлик салық комитети менен биргеликте спорт тараўында букмекерлик жумысын шөлкемлестириў арқалы спортты қосымша қаржыландырыў системасын кеңейтиў бойынша Ҳүкимет қарары жойбарын еки ай мүддетте Министрлер Кабинетине киргизсин.
  2. Туризм ҳәм спорт министрлиги:

а) бир ай мүддетте:

министрликтиң орайлық аппараты ҳәм оның аймақлық бөлимлерин зәрүр теориялық билимлер ҳәм әмелий көнликпелерге, жүкленген ўазыйпаларды профессионал дәрежеде әмелге асырыў қәбилетине ийе болған жоқары маман кадрлар менен толықтырыўды;

министрлик структуралық ҳәм төменги бөлимлери ҳаққындағы режелер (уставлар), сондай-ақ, хызметкерлердиң лаўазым инструкциялары тастыйықланыўын тәмийинлесин;

б) үш ай мүддетте тийисли министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте Министрлер Кабинетине:

министрликтиң бөлимлери ҳәм басқа да ўәкилликли уйымларының усы тараўдағы ўәкилликлерин анық белгилеген ҳалда, сондай-ақ, мәмлекетлик басқарыў ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимиятының уйымлары менен бирге ислесиў механизмлерин нәзерде тутатуғын Туризм ҳәм спорт министрлиги ҳаққындағы режени;

нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққындағы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын белгиленген тәртипте киргизсин.

  1. Туризм ҳәм спорт министрлиги, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги және Мәдений мийрас агентлиги 2021-жыл даўамында материаллық-мәдений мийрас объектлери, музей, спорт комплекслери ҳәм басқа да көргизбе объектлеринде электрон төлем, турникет (лазер-датчикли) ҳәм видео бақлаў үскенелерин орнатыўды, кириў билетлерин алдыннан сатып алыўды нәзерде тутатуғын бирден-бир орайласқан электрон системаны енгизсин. Онда электрон системаны жаратыў, иске қосыў ҳәм техникалық қоллап-қуўатлаў, Қор ҳәм нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан әмелге асырылады.

Туризм ҳәм спорт министрлиги:

еки ай мүддетте бирден-бир орайласқан электрон системаға  2021-жылы интеграцияланыўы зәрүр болған объектлердиң дизимин қәлиплестирсин ҳәм оларда енгизилиўин тәмийинлесин;

2021-жыл 1-сентябрьге шекем Қордың қаржылары есабынан материаллық мәдений мийрас объектлери, музей, спорт комплекслери ҳәм басқа да көргизбе объектлеринде  электрон төлем, турникет (лазер-датчикли) ҳәм видео бақлаў үскенелерин орнатыўды, кириў билетлерин алдыннан сатып алыў системасын үлги сыпатында Самарқанд қаласында енгизсин.

  1. Реставрация ҳәм оңлаў тараўының өзине тән тәреплерин инабатқа алып, аймақларда узақ жыллар даўамында қәлиплескен архитектуралық мектеплерди сақлап қалыў ҳәм раўажландырыў мақсетинде мәмлекетлик мәкеме түринде «Мәдений мийрас объектлери реставрациясы дирекциясы» ҳәм басқышпа-басқыш түрде оның регионаллық реставрация орайлары шөлкемлестирилсин.

Мәмлекетлик бюджеттен мәдений мийрас объектлерин сақлаўға байланыслы жумыслар ушын ажыратылатуғын қаржылар тийкарғы тәризде тиккеллей шәртнама тийкарында «Мәдений мийрас объектлери реставрациясы дирекциясы»на қаратылатуғыны белгилеп қойылсын.

«Мәдений мийрас объектлери реставрациясы дирекциясы» ҳәм регионаллық реставрация орайларының жумысын қаржыландырыў дәреклери етип шәртнама тийкарында көрсетилетуғын хызметлер көрсетиўден түскен қаржылар, халықаралық финанс институтлары ҳәм шөлкемлериниң грантлары және нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер белгиленсин.

  1. Бирден-бир орайласқан электрон системаны шөлкемлестириў ушын Туризм ҳәм спорт министрлиги басшылығында Мәмлекетлик шөлкем шөлкемлестирилетуғыны;

Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги, Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм Мәдений мийрас департаментиниң мүлки, соның ишинде, автотранспорт қуралларын Туризм ҳәм спорт министрлигине өткериўде қайта рәсмийлестириў ушын төлемлер өндирилмейтуғыны белгиленсин.

  1. Туризм ҳәм спорт министрлиги Ташкент қаласы, Әмир Темур гүзары, 107 б-жай мәнзили бойынша, Мәдений мийрас агентлиги болса Ташкент қаласы, Абдулла Қәдирий көшеси 2-жай мәнзили бойынша жайластырылсын.
  2. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдуваҳитовқа жүкленсин.

Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша 2021-жыл 1-июль  ҳәм 2022-жыл 1-январьға шекем Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме берилсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти                          Ш.МИРЗИЁЕВ.

     

Ташкент қаласы,

2021-жыл 6-апрель.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться